Фермерлер ушын көргизбели семинар

Фермерлер ушын көргизбели семинар

14.07.2021 19:52:21 | 176

Бүгин районымызда 2021-жыл зүрәәти ушын егилген пахта майданларында суўғарыўдан кейинги шүдигарлаў, культивация қылыў, жергиликли төгин шығарыў, шырпыў ҳәмде өсиўин ретлеўши биостимуляторлар менен суспензия себиў жумысларын алып барыў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы министрлер кеңеси баслығының орынбасары  С.Хожаметов, район ҳәкими А.Тажетдинов, сектор баслықлары, аўыл хожалығы мәкемелери, «Кегейли-Шымбай» агрокластери Агрономы ҳәмде бир қатар феремер […]

Шымбай «Хан» жомеъ мешити пайдаланыӯға тапсырылды

14.07.2021 18:10:40 | 220

Бүгин  Шымбай «Хан» жомеъ мешити имаратында қайта оңлаӯ ҳәм реконструкциялаӯ жумыслары алып барылып халқымызға пайдаланыӯға тапсырылды.Ашылыӯ мәресими мүәсибети менен Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм Қарақалпақстан Мусылманлары Қазыяты Қазысы Ш.Бахаӯатдиновлар шығып сөйлеп район халқын қутлықлады. Бул мешит 1000 орынға мөлшерленген  болып районымыздағы барлық намазхан пуқаралар ушын ҳәзирги заман талапларына сай ҳәм қолайлықларға ийе болып есапланады.

Ҳүрметли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, сондай-ақ, Шымбай районындағы ишки, сыртқы жазыўларды ислеп бериў менен шуғылланыўшы исбилерменлер дыққатына!

14.07.2021 17:08:41 | 165

2021-жылдың 1-август күнинен баслап, латын имласына тийкарланған (өзбек ҳәм қарақалпақ) әлипбесине өтиўине байланыслы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық орынлар, көше атамалары, мәкемелердиң атамалары, сондай-ақ, ис қағазлары ҳәм ҳәр түрли бланкалар латын жазыўына тийкарланған өзбек ҳәм қарақалапақ әлипбесинде жазылыўын тәмийинлеўиңизди, соның менен бирге, жазыўларды жазғанда яки жаздырғанда итибарлы болып, қәтеликлер жибермеўиңизди сорап қаламыз. Усы орында […]

Пайдалы ресурслар
Skip to content