Ҳүрметли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары, халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, сондай-ақ, Шымбай районындағы ишки, сыртқы жазыўларды ислеп бериў менен шуғылланыўшы исбилерменлер дыққатына!

14.07.2021 17:08:41 223 Баспаға шығарыў

2021-жылдың 1-август күнинен баслап, латын имласына тийкарланған (өзбек ҳәм қарақалпақ) әлипбесине өтиўине байланыслы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық орынлар, көше атамалары, мәкемелердиң атамалары, сондай-ақ, ис қағазлары ҳәм ҳәр түрли бланкалар латын жазыўына тийкарланған өзбек ҳәм қарақалапақ әлипбесинде жазылыўын тәмийинлеўиңизди, соның менен бирге, жазыўларды жазғанда яки жаздырғанда итибарлы болып, қәтеликлер жибермеўиңизди сорап қаламыз.
Усы орында районымыздың ҳәр бир пуқарасын мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған бул илажларды дурыс түсинип, мәмлекетлик тилимиздиң абырай-мәртебесиниң артыўында өзлериниң үлесин қосыўына шақырамыз.

Раўаж Утепбергенов,
район ҳәкиминиң руўхый-ағартыўшылық жумыслары нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.

Пайдалы ресурслар
Skip to content