Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша өзгерислер

Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша өзгерислер

30.06.2021 15:24:34 | 198

“Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 28-марттағы “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 244-санлы қарарына өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы 2021-жыл 20-май күнги 319-санлы қарарында балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша өзгерислер киритилди, яғный “мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине” деген сөз “мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине” деп алмастырылды. Соның […]

“Исбилермен Ҳаял-2021” көрик таңлаўының районлық басқышы

29.06.2021 17:19:04 | 145

  Шымбай районы 49-санлы мектепте Өзбекстан Либерал-Демократик партиясы Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен  “Исбилермен Ҳаял-2021”  көрик таңлаўының районлық басқышы шөлкемлестирилди. Таңлаўға өз исбилерменлигин кең тәризде жолға қойған исбилермен, фермерлик тараӯын раӯажландырыӯда өзинин үлеслерин қосып атырған  фермер ҳаял-қызларымыз қатнасып, өзлериниң билим ҳәм тәжирийбелерин және бир мәрте сынақтан өткерди.

Нәресте саўдасы

29.06.2021 16:21:53 | 202

Ҳәзирги күнде дүнья жүзин тәшўишке салып турған машқалалардың бири-бул адам саўдасы жынаяты есапланады. Адам саўдасы жынаяты дүнья жүзинде, соның ишинде мәмлекетимизде де глобаллық машқалаға айланған болып, пуқараларымызға, олардың тыныш өмир сүриўине ҳәм келешегине кери тәсирин тийгизип атырған жынаятлардың бири болып, бул жынаят пуқаралар өмирине зыянлы тәсирин тийгизип атырғанлығы менен ҳәммени үлкен тәшиўишке салып отыр. Адам […]

Өним жеткизип бериў шәртнамасы ҳаққында түсиник

29.06.2021 16:15:16 | 290

Өним жеткерип бериӯ шәртнамасына муӯапық исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип бериӯши – сатыӯшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын яки сатып алатуғын өнимлерди сатып алыӯшыға исбилерменлик жумысында пайдаланыӯ ушын яки шахсый, шаңарақлық мақсетлерде, турмыста ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыӯ менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыӯ ушын тапсырыӯ, сатып алыӯшы болса өнимлерди […]

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимшилик суды судьялары арасында аймақлық семинар өткерилди

29.06.2021 09:29:06 | 135

Соңғы жылларда жер менен байланыслы мүрәжәәтлар көбейип, пуқаралар, исбилерменлер, фермерлердиң жерлери алып қойылыўы яки басқа биреўге сатып жибериў ҳалатлары елеге шекем ушырасып турады. Мәмлекетимиз Президентиниң 2021-жыл 08-июнь күнги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы болса усыған байланыслы машқалалардың алдын алыў менен бирге […]

Медиа тур болып өтти

28.06.2021 10:24:32 | 199

Шымбай районында аӯыл пуқаралар жыйыны баслықларының  қатнасыўында Медиа тур болып өтти.Бунда  ақсақалар «Шымбайлы Мырзабек шарўа»  фермер хожалығы жумысы менен танысып  өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.     Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети    

Спорттың футбол түринен “Ҳәким кубогы” ушын беллесиў өткерилди

26.06.2021 15:15:51 | 199

Шымбай районы Академиялық лицей жанындағы жасалма қапламалы спорт майданшасында  мәҳәлле жаслары арасында спорттың футбол түринен “Ҳәким кубогы”  ушын беллесиў өткерилди. Нәтийжеге көре: 1-орын ” Гүжимли” МПЖ 2-орын ” Көнши” МПЖ 3-орын “Бердақ” МПЖ жаслары ийеледи.   Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.  

“Прокурор бириншилиги” ушын спорттың “Кураш” түринен беллесиў өткерилди

26.06.2021 07:58:16 | 152

Шымбай районы Прокуратурасы басламасы менен жаслар арасында  “Прокурор бириншилиги” ушын спорттың “Кураш” түринен беллесиў өткерилди. Нәтийжеге көре:   60 кг салмақта  ерлер арасында; 1-орын Нурлан Қосекеев, қызлар арасында; 1-орынды Айнура Қуўанышбаева ийеледи.   73 кг салмақта: 1-орын Атабек Илишбаев   81 кг салмақта: 1-орын Сипатдин Нуратдинов   +81 кг салмақта: Ахмет Исметуллаев ийеледи   Беллесиў […]

#Жаңа_Өзбекстан_жаслары_бирлесейик

25.06.2021 19:29:24 | 151

Шымбай районы “Ватанпарвар” шөлкеми Шымбай оқыӯ – спорт техника клубында “Ҳаӯа мылтығынан  оқ  атыӯ бойынша” Хәким кубоги жарысы болып өтти.

Шымбай районында «Бақсылар» ҳәм «Жыраӯлар» таңлаӯы болып өтпекте

25.06.2021 16:02:28 | 349

Шымбай районлық Мәденият сарайында Республикалық “Жас бақсы-жыраўлар” таңлаўы болып өтпекте. Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары И.Абдикаликов, Шымбай районы ҳәкими орынбасары А.Сулайманов, нураный устаз Ө.Толыбаевлар сөзге шығып, таңлаў қатнасыўшыларына табыслар тиледи. Мағлыўмат ушын, бүгинги таңлаўға Республикамыздың қала,районларынан 80 нен аслам талантлы жаслар қатнаспақта.

Пайдалы ресурслар
Skip to content