Шымбай районлық Мәденият сарайында Республикалық “Жас бақсы-жыраўлар” таңлаўы болып өтпекте.
Таңлаўдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары И.Абдикаликов, Шымбай районы ҳәкими орынбасары А.Сулайманов, нураный устаз Ө.Толыбаевлар сөзге шығып, таңлаў қатнасыўшыларына табыслар тиледи.
Мағлыўмат ушын, бүгинги таңлаўға Республикамыздың қала,районларынан 80 нен аслам талантлы жаслар қатнаспақта.