Өним жеткизип бериў шәртнамасы ҳаққында түсиник

Өним жеткизип бериў шәртнамасы ҳаққында түсиник

29.06.2021 16:15:16 373 Баспаға шығарыў

Өним жеткерип бериӯ шәртнамасына муӯапық исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип бериӯши – сатыӯшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын яки сатып алатуғын өнимлерди сатып алыӯшыға исбилерменлик жумысында пайдаланыӯ ушын яки шахсый, шаңарақлық мақсетлерде, турмыста ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыӯ менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыӯ ушын тапсырыӯ, сатып алыӯшы болса өнимлерди қабыл етип алыӯ ҳәм олардың ҳақысын төлеӯ мәжбүриятын алады.

Өним жеткерип бериӯ шәртнамасы бир жылға, бир жылдан артық мүддетке (узақ мүддетли шәртнама) яки тәреплер келисиӯинде нәзерде тутылған басқа мүддетке дүзилиӯи мүмкин.

Егер өним жеткерип бериӯ шәртнамасында оның әмел етиӯ мүддети белгиленбеген болса, шәртнама бир жылға дүзилген деп есапланады.

Егер узақ мүддетли шәртнамада жеткеририп берилиӯи лазым болған өнимлер муғдары яки шәртнаманың басқа шәртлери бир жылға яки оннан артық мүддетке белгиленген болса, шәртнамада тәреплердиң бул шәртлерин шәртнаманың әмел етиӯ мүддети тамамланғанға шекем кейинги дәӯирлер ушын келисип алыӯ тәртиби белгилениӯи лазым. Шәртнамада бундай тәртип болмаса, шәртнама тийислилигинше бир жылға яки шәртнама шәртлери келисилген мүддетке дүзилген есапланады.

Бир тәрептиң өнимлер жеткерип бериӯ шәртнамасын дүзиӯ ҳаққында усынысы шәртнама жойбары түринде басқа тәрепке жиберилген жағдайда, екинши тәреп шәртнаманы басқа шәртлерде дүзиӯге разы болмаса, жойбарды алғаннан соң отыз күн ишинде келиспеӯшиликлер баяннамасын дүзеди ҳәм оны имзалаған шәртнама менен қайтарады, келиспеӯшиликлер баяннамасын алған тәреп отыз күнлик мүддетте шәртнама шәртлерин келисиӯ шараларын көриӯ (имканият болса, басқа тәреп пенен биргеликте) яки шәртнама дүзиӯден бас тартыӯды басқа тәрепке жазба түрде билдириӯи лазым.

 

 

Шымбай районлар аралық

экономикалық суды баслығы                                         З.Бердимуратов.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content