Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша өзгерислер

Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша өзгерислер

30.06.2021 15:24:34 268 Баспаға шығарыў

“Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2018-жыл 28-марттағы “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 244-санлы қарарына өзгерислер киритиў ҳаққында”ғы 2021-жыл 20-май күнги 319-санлы қарарында балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыллаў бойынша өзгерислер киритилди, яғный “мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине” деген сөз “мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине” деп алмастырылды. Соның менен бирге төмендеги шахслардың перзентлери, яғный I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахслардыӊ балалары, көп балалы шаӊарақлардыӊ балалары, жетим балалар яки ата-анасыныӊ қараўысыз қалған балалар, “Ҳаяллар дәптерине” киритилген социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардыӊ перзентлери, контракт бойынша әскерий хызметшилердиӊ ҳәм ишки ислер органлары хызметкерлериниӊ балалары, студент ҳәм педагоглардыӊ балалары, ағалары яки апалары усы шөлкемде тәрбияланаўшылары қатарында болған балалар, көп тармақлы қәнийгелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерден улыўма түрдеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине саўалланып өткерилип атырған балалар имтиязлы нәӯбетке киритилетуғын болды. Имтиязлы дизимге киритилетуғын, арнаўлы контингентке кириўши балалардыӊ ҳәмде социаллық көмекке мүтәж шаӊарақлардыӊ балаларыныӊ сораўнамалары мәмлекетлик хызметлери орайларына барып, үстинлик ҳуқықын яки тийисли контингентке кириўин тастыйықлаўшы ҳүжжеттиӊ ҳасыл нусқасын көрсеткен ҳалда рәсмийлестириледи. Мәмлекетлик хызметти көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламентине муўапық ата-аналар, олардыӊ орнын басыўшы шахслар (перзентликке алыўшылар, қәўендер ҳәм әменгерлер), балалардыӊ жақын туўысқанлары (үлкен атасы, кемпир апасы, ержеткен ағасы ҳәм қыз апасы) яки үшинши шахслар жолламаларды алыў ушын мәмлекетлик хызметлери орайларына өзлери келип мүрәжат етеди яки электрон формада мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын ғәрезсиз рәўиште (яки ўәкилликли орган жәрдеминде ББИМХП арқалы дизимге алынады, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметтен комплекс тәризде пайдаланыў ушын пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органына туўылғанлықты дизимге алыў менен бир ўақытта мүрәжат етиў мүмкин, баланы үшинши шахслар тәрепинен шөлкемге нәўбетке қойыў яки жоллама алыў ушын мүрәжат етиў тек ғана ата-аналар, олардыӊ орнын басыўшы шахслар яки баланыӊ жақын туўысқанлары тәрепинен берилген исенимнама тийкарында әмелге асырылады. Соныӊ менен бирге арза бериўшилер төмендеги ҳуқықларға: сораўнамада шөлкемниӊ бала ушын туўры келетуғын жастағы бос орынларға ийе болған топарды яки бос орынларға ийе болмаған топарды көрсетиўге, баланы туўылған ўақыттан баслап шөлкемге нәўбетке қойыўға, бир ўақыттыӊ өзинде баланы үш шөлкемге нәўбетке қойыўға, қәте киритилген мағлыўматларды дүзетиўге, мәмлекетлик хызмет көрсетилип атырған ҳәр қандай басқышында пайдаланыўды бийкар етиўге болады. Быйылғы оқыў жылыныӊ 31-май күнине шекем жети жасқа толатуғын балалардыӊ сораўнамалары усы сәнеде бийкар қылынады ҳәм автомат рәўиште нәўбеттен шығарылады, бала бир неше шөлкемге нәўбетке қойылып, олардыӊ бирине жолланба қәлиплескеннен ҳәм бала рәсмийлестирилген болса, басқа шөлкемлерге нәўбетке қойыў бойынша сораўнамалар бийкар қылынады ҳәмде автомат рәўиште нәўбеттен шығарылады.

Шымбай районы МХО бөлим баслығы

Б.Бекниязов.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content