Соңғы жылларда жер менен байланыслы мүрәжәәтлар көбейип, пуқаралар, исбилерменлер, фермерлердиң жерлери алып қойылыўы яки басқа биреўге сатып жибериў ҳалатлары елеге шекем ушырасып турады. Мәмлекетимиз Президентиниң 2021-жыл 08-июнь күнги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашықлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы болса усыған байланыслы машқалалардың алдын алыў менен бирге жер участкаларын ажыратыўдың ҳәмме ушын тең, ашық ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртибин енгизиў, жерге тийисли мүлкий ҳәм ҳуқықый қатнасықларда бирдейликти тәмийинлеў, жерлерди қорғаў, жер ийелериниң мүлкий ҳуқықларын кепилликке алыў, сондай-ақ, жердиң экономикалық қунын белгилеў арқалы оны пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар объекти сыпатында еркин айланысқа киритиў мәселелеринде улыўма жаңа дәўирди баслап береди.
Әлбетте, усы Пәрманның орынланыўы судлар искерлигинде де үлкен исеним талап етеди. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы ҳәқимшилик суды суд-ҳуқық системасында алып барылып атырған реформалар, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлери ҳәм оларды күшейтиў, «Жол картасы»ның орынланыўы ҳәм ҳәкимшилик судларда тәжирийбе алмасыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимшилик суды судьялары қатнасында семинар өткерилди.
— Семинарда Республикамыз Президентиниң Пәрманында нәзерде тутылған өзгерислер ҳәр тәреплеме додаланды, — дейди Қарақалпақстан Республикасы ҳәқимшилик суды судьясы Амир Нурлипесов. Атап айтқанда, усы жылдың 1-август сәнесинен баслап жер участкалары жеке секторға – мүлк ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында, мәмлекетлик уйымлары, шөлкемлер, кәрханалар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына – турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылыўы, мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, ўақтынша пайдаланыў ҳуқықы менен жер ажыратыў тәртиби бийкар қылынады. Соның менен бирге алдын ажыратылған жер участкаларына болған бундай ҳуқықлар олардың ийелеринде әмелдеги тәртипте сақланып қалыўы, ижәраға алынған жер участкасында нызамшылықта белгиленген тәртипте қурылған көшпес мүлк объектине мүлк ҳуқықы басқа шахсқа өткен жағдайда, усы объектке мүлк ҳуқықы менен бирге ол жайласқан жер участкасына болған ижәра ҳуқықы ҳәм жаңа мүлкдарға өтиўи, аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер барлық түрдеги аўыл хожалығы товар ислеп шығарыўшылары қатнаса алатуғын, ашық электрон таңлаў нәтийжелерине көре, тек ижәра ҳуқықы тийкарында ажыратылыўы белгиленген. Усы нормаларға әмел етиў, олардың үстинлигин тәмийинлеў пуқаралардың жер менен байланыслы реформалардан разылығының гиреўи есапланады.
Семинарда сондай-ақ, аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерге мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация қылыныўы, мәмлекетлик шөлкемлерге жер участкалары мәмлекет ҳәм жәмийет зәрүрликлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарары менен улыўма пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылыўы, барлық жағдайларда жер участкалары тек ғана бос турған ҳәм резервке алынған жерлерден ажыратылыўы, бир ҳүжжет пенен яки бир ўақыттың өзинде жер участкасын алып қойыў, резервке алыў, басқа шахсқа ажыратыў жер бериў тәртибин бузыў есапланады ҳәм нызамға муўапық жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болыўы ҳаққында айтып өтилди.
Семинар даўамында судьялар тәрепинен суд-ҳуқық системасында жүзеге келген машқалалар ҳәм олардың шешими ҳаққында усыныслар берилип, келешекте айрықша әҳмийет берилетуғын мәселелер белгилеп алынды.
Гулайым Ғаниева
Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас консультанты