Нәресте саўдасы

Нәресте саўдасы

29.06.2021 16:21:53 322 Баспаға шығарыў

Ҳәзирги күнде дүнья жүзин тәшўишке салып турған машқалалардың бири-бул адам саўдасы жынаяты есапланады.
Адам саўдасы жынаяты дүнья жүзинде, соның ишинде мәмлекетимизде де глобаллық машқалаға айланған болып, пуқараларымызға, олардың тыныш өмир сүриўине ҳәм келешегине кери тәсирин тийгизип атырған жынаятлардың бири болып, бул жынаят пуқаралар өмирине зыянлы тәсирин тийгизип атырғанлығы менен ҳәммени үлкен тәшиўишке салып отыр.
Адам саўдасы жынаятының бирнеше түрлери болып, бунда инсанның тиккелей өзинен пайдаланыў, яғный адам мийнетинен пайдаланған ҳалда қуллықта сақлаў, жынысый қатнаста болыўға мәжбүрлеў ҳәм ҳәзирги күнде адам саўдасының кең тарқалып атырған түрлеринен бири бул – нәресте саўдасы.
Ѳзбекстанда нәресте саўдасы менен байланыслы жынаятлар 2019-2020-жылларда нәресте саўдасы менен байланыслы жынаятларда 49 ата-ана ҳәм 38 дәлдәлшы айыпланып жынайый жуўапкершиликке тартылған. Ѳзбекстан Республикасында кейинги 3 жылда нәресте саўдасы менен байланыслы 185 ҳалат анықланған. Мағлыўматларға қарағанда нәресте саўдасына төмендегилер себеп болмақта:
-баланыӊ анасы социаллық ҳәм материаллық тәмийнленбегенлиги;
– турмысқа шықпаған қызлар ҳәмилеси барлығы себепли, нәрестени семьясынан жасырыўға урыныўы;
– перзент көрмеген шаӊарақлар тәрепинен нәресте асырап алыўға зәрүрлиги барлығы;
– нәресте саўдасыныӊ алдын алыўға қаратылған анық ҳуқықый тийкарлардыӊ жоқлығы.
Бундай жынаятқа қол урмаў ушын, мәҳәллелерде профилактикалық сәўбетлер өткериў, шаңарақ ағзалары менен тәрбиялық жумысларын алып барыў, бул бағдарда ҳуқық қорғаў органлары ҳәм мәҳәлле хызметкерлери менен биргеликте тығыз байланыста иләжлар ислеп шығыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ортасында әмелге асырылыўы тийис.

Жынаят ислери бойынша
Қоңырат районы кеӊсе менгериўшиси Гүлшад Дошмуратова

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content