Үзликсиз тәбийий газ бенен тәмийинлеў – баслы мақсетимиз

Үзликсиз тәбийий газ бенен тәмийинлеў – баслы мақсетимиз

25.09.2023 16:28:06 415 Баспаға шығарыў

Жадыраған жаз өз орнын салқын гүзге босатып берди. Гүз айының басланыўы ҳәм күнниң салқын тартып баслаўы менен халқымыздың жыллылыққа болған мүтәжлиги және де артады. Ал, «қылышын сүйреген қыс» келсе, еки есе зәрүрлик пайда болады. Халқымыздың гүз, қыс мәўсиминде үзликсиз тәбийий ҳәм суйылтырылған газге болған мүтәжлигин қанаатландырыў мақсетинде районлық «Шымбайтумангаз» газ тәмийнаты бөлими тәрепинен де бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде районымыз бойынша тәбийий газден пайдаланыўшы жәми 20686 жеке хожалық болып, соннан 17026 жеке хожалық тәбийий газ бенен тәмийинленген, ал 3385 хожалық суйылтырылған газ бенен тәмийинленген болып, соннан 285 көтере тутыныўшы мәкеме ҳәм кәрханаларға газ жеткерип бериледи.

Район аймағында жәми 1028 километр газ тармағы бар болып, соннан, 51,8 километр жоқары басым, 2853 километр орта басым, 691,8 километр төмен басым болып есапланады. Соның менен бирге, 331 дана газ бөлистириў үскенелери бар болып, соннан 23 дана жоқары басым ҳәм 308 дана орта басымдағы үскенелер есапланады.

Бүгинги күнде газ ҳәм газ ийисинен зәҳәрлениў жағдайлары жылытыў системасына тәбийий газди жалғаўда белгиленген норма талапларына әмел етпеў ҳәм де пайдаланыўда техникалық қәўипсизлик қағыйдаларын сақламаў, жылытыў ушын мөлшерленген печь морыларының насазлығы ямаса жақсы тазаланбағанлығы ақыбетинде келип шығады. Мине усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде орынларда халық арасында тараў хызметкерлери қатнасыўында  газ үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў ҳәм оны үнемлеў бойынша  турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары да алып барылмақта.

Сондай-ақ, районлық «Шымбайтумангаз» газ тәмийнаты бөлими қадағалаў ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў хызмети тәрепинен тутыныўшылардан келип түскен мүрәжатлар тәжирийбели қәнигелер тәрепинен тийисли тәртипте ҳәм өз ўақтында үйренилип, олардың унамлы шешим табыўына да жәрдем берилип келинбекте. Тутыныўшылардың тәбийий ҳәм суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў бағдарындағы машқалаларын орынларға шығып ўйрениў мақсетинде мәҳәллелерде көшпели қабыллаўлар да шөлкемлестирилип, пуқаралардың мүрәжатлары сол орынның өзинде унамлы шешим табыўына ерисилмекте.

Азамат Кудайбергенов

Районлық «Шымбайтумангаз» газ тәмийнаты бөлими

Қадағалаў ҳәм мүрәжатлер менен ислесиў ҳызмети жетекши қәнийгеси

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content