Шымбайлы дийқанлар қырманда мол ҳасылды нийет етип пахта кәрӯанын  баслады

Шымбайлы дийқанлар қырманда мол ҳасылды нийет етип пахта кәрӯанын  баслады

11.09.2023 08:37:29 146 Баспаға шығарыў

Аўыл-хожалық тараўындағы жумыслардың сапалы жүритилиўи дийқанлардың машақатлы мийнетлериниң арқасында.
2023-жыл пахта жыйым-терим мәўсими ушын пуқта таярлық көрилип,  машақатлы мийнети менен егислик жер майданларына туқым сепкен дийқанлардыӊ дақылларын жыйнап алыӯ ушын районымызда барлық шәраятлар  жаратылды.
Бүгин «Кегейли – Шымбай Агрокластер» жуӯапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы Шымбай пахта қабыллаӯ пунктинде дәслепки пахта кәрӯаны қабыллаӯы басланды.
Қабыллаўда район ҳәкими А.Тажетдинов пахта жыйым-териминде топланған зүрәәтти қысқа мүддетте сепситпей сапалы етип жыйнап алыўда бәршени аӯызбиршиликли түрде  үлес қосыӯға шақырды.Жасы үлкен нураныйлеримиз сөзге шығып, быйылғы жылы қырманымыздың бәлент болыӯын тилеп өзлериниң  пәтияларын берди.
Сондай- ақ бүгин бириншилерден болып пахта тапсырған фермер хожалықларына қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content