- Шымбай районы ҳәкими, 1 -сектор баслығы Тажетдинов Айбек Алтынбекович тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында сектор аймағын социяллық-економикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳәм алда турған ўазыйпалары ҳаққында есабаты.
- Шымбай районы 3-сектор тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында сектор аймағын социялық-економикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳаққында ҳәм де Шымбай районы аймағында 2023-жылдың 6 айы даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде алып барылған жумыслар ҳаққында.
- Шымбай районы 4-сектор тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында сектор аймағын социяллық-економикалық раўажландырыў бойынша алып барған жумыслары ҳәм Шымбай районлық Салық инспекциясы тәрепинен 2023-жыл 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.
- Шымбай районы Әдиллик бөлими тәрепинен 2023-жыл 6 айы даўамында алып барылған жумыслар ҳаққында.
- 2023-жыл 2-мәўсиминде өткерилетуғын жәмйиетшилик пикири тийкарында қәлиплескен илажлар ушын “Жәмийетшилик пикир қоры” есабынан ажыратылатуғын қаржылар есабаты хаққында.
- Районлық Ирригация бөлими тәрепинен район аймағында суў ҳәм суўдан пайдаланыў, суў ресурсларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң материяллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм районда суўды тежеўши, тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизилиўи бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.
- Шымбай районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.
- Шымбай районы ҳәкимлиги жанындағы мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў қорының бақлаў Кеңеси ағзалары дизимин тастыйықлаў ҳаққында.
- Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм социяллық қорғаў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының 2023-жыл биринши ярым жыллық ис-режесине муўапық, Шымбай районы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 2023-жыл басынан усы күнге шекемги дәўирде балаларды сапалы, жаңа азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, ишки тәртип-интизам, тазалықты сақлаў бойынша алып барылып атырған жумысларын үйренип шығыў бойынша есабаты ҳаққында.