Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында гезектеги кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди

Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында гезектеги кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди

28.02.2023 10:56:48 208 Баспаға шығарыў

Өткерилген мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимликлери, министрлик ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар талқыланды.

Мәжилис күн тәртибинде дәслеп бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумысларға арналған мәселе қарап шығылды. Бул бағдарда Салық басқармасы тәрепинен орынланып атырған жумыслар қанаатландырарсыз дәрежеде екенлиги сынға алынды.

Соның менен бирге, мәмлекетлик бағдарламалар, елимизде әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары, социаллық объектлер қурылысы ҳәм абаданластырыў жумыслары, олардың бүгинги күндеги барысы бойынша мәселелер қарап шығылды.

Буннан тысқары, мәжилис даўамында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер сынға алынып, жуўапкерлер ескертилди.

Соның менен бирге, бүгинги күнде айырым орынларда улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги балаларға берилип атырған азық-аўқат өнимлериниң сапасы менен байланыслы тексериў жумысларын алып барыў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилис жуўмағында барлық тараў басшыларына тийисли тапсырмалар берилип, анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content