Өзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ 117-статьясында, Өзбекстан Республикасыныӊ пуқаралары мәмлекет ҳәкимияты ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе болып есапланады. Ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийе. Даўыс бериў ҳуқықы, өз қәлеўин билдириў теӊлиги ҳәм еркинлиги нызам менен қорғалады деп белгилеп қойылған.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев 2017-жылдыӊ 11-декабрдеги Олий Мажлиске усынған Мүрәжәәтнамасында мәмлекетимиз сиясий өмиринде айрықша әҳмийетке ийе болған сайлаў нызамшылығы бир қатар нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлеринен ибарат болсада, тилекке қарсы елеге шекем бир ҳүжжет формасына келтирилмегенлигин айтып, халықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын Өзбекстан Республикасыныӊ Сайлаў Кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл қылыў ўазыйпасын алға қойған еди. Усыған тийкарланып Өзбекстан Республикасыныӊ Сайлаў Кодекси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жыл 18-февральда қабыл етилди. Сенат тәрепинен 28-февральда мақулланды ҳәм 2019-жылдыӊ 25-июнь күни Президентимиз тәрепинен имзаланып, рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киритилди.
Өзбекстан Республикасыныӊ Сайлаў Кодекси қабыл етилиўи мүнәсибети менен әмелде болған сайлаў нызамшылығы мүнәсибетлерин тәртипке салыўшы 5 нызам (1991-жыл 18-ноябрдеги «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққыда”ғы, 1993-жыл 28-декабрдеги «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў ҳаққында”ғы, 1994-жыл 5-майдағы «Халық депутатлары ўалаят, район хәм қалалық Кенеслерине сайлаў ҳаққында”ғы, 1994-жыл 5-майдағы «Пуқаралар сайлаў ҳуқықларыныӊ кепилликлери ҳаққында”ғы ҳәм 1998-жыл 30-апрелдеги «Өзбекстан Респбликасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳаққында”ғы) бийкар етилди.
Сайлаў Кодекси 18 бап, 103 статьядан ибарат.
Жаӊа қабыл қылынған Сайлаў Кодекси бир қатар жаңалықларды өз ишине алған.
Атап айтқанда:
– Нызамшылық палатасында Экоҳәрекет ўәкиллери ушын квота ажыратыў институты тамамланды ;
– талабанларды халық депутатлары район (қала) Кенеслерине пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен көрсетиў тәртиби бийкар етилди;
– сайлаўшылардыӊ бирден-бир электрон дизимин жүритиў тәртиби нызам тәрепинен тәртипке салынды;
– сиясий партиялар тәрепинен имза жыйнаўда сайлаўшылар тәрепинен бир қанча партияларды жақлап имза қўйыў имкәнияты берилди;
– сайлаў участкаларында участка сайлов комиссиясыныӊ даўысларын санаў ҳаққындағы баяннамасыныӊ асығыслық пенен жәмийетшилик додалаўы ушын 48 сааттан кем болмаған ўақытта илип қойыў тәртиби орнатылды;
– участка сайлаў комиссияларыныӊ даўыс бериў ўақты тамланғанынан кейин әмелге асырылатуғын анық ҳәрекетлери нәзерде тутылды (даўысларды санаў, баяннамаларды дүзиў, округ сайлаў комиссиялары менен өз-ара байланыслары ҳ.т.б.);
– участка сайлаў комиссиясы ағзаларыныӊ ярымынан көби бир мекемеден усынылыўы мүмкин емеслиги белгилеп қойылды;
– халық депутатлары район (қала) Кенеслеринде талқыланатуғын хәм усынылатуғын участка сайлаў комиссиялары ағзалары талабанлары бойынша жәмийетлик бирлеспелери ҳәм шөлкемлериниӊ усыныслары алыныўы тәртиби орнатылды;
– сайлаў округларин дүзиўде сайлаў округларындағы сайлаўшылар саныныӊ жол қойылатуғын ең көп болыўы он пайыздан аспаўы тәртиби орнатылды;
– пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымларына сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыў ҳуқықы берилди;
– Нызамшылық палатасына, мәҳәлле Кеңеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда, Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткизиўши округ сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкаларын дүзиў тәртиби орнатылды;
– сайлаўларда даўыс бериў ўақты 08:00 дан 20:00 ге етип белгиленди;
– сайлаўшылар Орайлық сайлаў комиссиясыныӊ рәсмий веб-сайтында сайлаўшылардыӊ дизими ҳаққындағы өзи ушын керекли мағлыўматларды алыў имкәниятына ийе болыўы ҳәм басқалар белгиленген. Барлық пуқаралар сайлаў нызамшылығына киритилген жаӊалықлардан хабардар болыўы ҳәм өзлериниӊ сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўда бул имкәниятлардан толық пайдаланыўлары лазым.
Кыпшакбаев Кайрат Муратович
Қарақалпақстан Республикасы
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик
судының судьясы