Исенимли ўәкил Абат Данияров Шымбай районында

Исенимли ўәкил Абат Данияров Шымбай районында

28.09.2021 18:38:44 125 Баспаға шығарыў

Шымбай районында Исбилерменлер ҳәрекети–Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Ш. Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасындағы исенимли ўәкили Данияров Абатбай қатнасында сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде район халқы менен ушырасыўы өткерилди. Илажда А. Данияров сайлаўшыларды Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан-Либерал демократиялық партиясынан талабан Ш. М. Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасы, өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды. “Инсан қәдири ушын” уранын илгери сүрип атырған талабанның басламалары пүткил халқымыз турмысында түп өзгерислерге тийкар болатуғынлығын айрықша атап өтти. Сондай-ақ ушырасыўда бир қатар партия белсендилери шығып сөйлеп, талабанның сайлаў алды бағдарламаларын қоллап-қуўатлайтуғынлықларын билдирип өтти.

Пайдалы ресурслар
Skip to content