Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өз әҳмийетин жоғалтқан нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў дизимин жолға қойыў арқалы мәмлекетте исбилерменлик орталығын жақсылаў ис-илажлар туўрысында”ғы 2020-жыл 27-сентябрь күнги ПФ–6075-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 5, 25-статьясына тийкар
Ш Е Ш И М Е Т Е Д И:
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл
9-апрель күнги 01-07/13-04/110-санлы хаты орынлаў ушын басшылыққа алынсын. - Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-сентябрь күнги ПФ–6075-санлы Пәрманында 2021-жыл 1-июнь күнине шекем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийкар етиў илажларын көриў белгиленгенлиги инабатқа алынсын.
- Шымбай районы ҳәкими тәрепинен қабыл етилген ескирген ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан норматив түстеги шешимлер қосымшаға муўапық өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
- 4. Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети (Н.Толыбаева) ҳәм «Шымбай ҳаўазы» газетасы редакциясы (Р.Утепбергенов)на усы шешимди ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырыў ҳәм районлық «Шымбай ҳаўазы» газетасында рәсмий жәриялаў тапсырылсын.
- Усы шешим рәсмий жәрияланғаннан кейин күшке киреди.
- Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Молдахметовқа жүклетилсин.
Шымбай районы ҳәкими А.Тажетдинов
2021-жыл 5-май
Шымбай районы ҳәкиминиң
2021 жыл 5-май күнги
388-санлы шешимине
ҚОСЫМША
Шымбай районы ҳәкиминиң өз күшин жоғалтқан деп белгиленген айырым шешимлери
ДИЗИМИ
Т/р | Шешимниң атамасы | Қабыл етилген сәне | Шешимниң номери |
1 | “Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлклерден пайдаланыўда ең кем ставкасын тастыйықлаў ҳақында”ғы 248/12-санлы қарары ҳаққындағы | 07.01.2011 | 13/1-санлы |
2 | «Шымбай районында 2014 жыл даўамында жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў, кәсипке таярлаў, ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға қамтыў бағдарламасын әмелге асырыў ҳаққында»ғы | 14.02.2014 | 72-санлы |
3 | «Район аймағындағы аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ, машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әсбаб-үскенелерин техник көриктен өткериў ҳаққында»ғы | 22.04.2014 | 181-санлы |
4 | «Район аймағындағы жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў туўрысында»ғы | 17.04.2015 | 160-санлы |
5 | «Шымбай районы мәмлекетлик тоғай хожалығына қараслы тоғайзарларда өрттиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиўди күшейттириў илажлары туўрысында»ғы | 05.06.2015 | 235-санлы |
6 | “Райондағы аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әспаб-үскенелерин техник көриктен өткериў туўрысында”ғы | 19.02.2016 | 58-санлы |
7 | “Шымбай районында 2017 жылда халықты жумысқа жайластырыў, жәмийетлик жумысларға қамтыў, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў ҳаққында”ғы | 30.09.2016 | 03-176-санлы |
8 | Район аймағында аўыл хожалығы ҳәм мелиоратив техниканы, сондай-ақ машина-трактор парклери, устаханалар ҳәм сервис пунктлериниң әспаб-үскенелерин техник көриктен өткериў туўрысында”ғы | 02.02.2019 | 465/2-санлы |
9 | Районда 2020 жылда жумыссыз деп табылған пуқараларды жумысқа жайластырыў, жәмийетлик жумысларға тартыў туўрысында”ғы | 07.02.2020 | 209 санлы |
- «Шымбай районының 2014 жылғы жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаў туўрысында»ғы 30.12.2013 жыл №84/19-санлы шешими
- “Шымбай районының 2016 жылғы бюджет параметрлерин тастыйықлаў туўрысында”ғы 28.12.2015 жыл №6/23-санлы шешими
- “Шымбай районында 2016 жылда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасы туўрысында”ғы 28.12.2015 жыл №6/24-санлы шешими
- «Шымбай районының 2014 жылғы жергиликли бюджет параметрлерин тастыйықлаў туўрысында»ғы 30.12.2013 жыл №84/19-санлы шешими
- “Шымбай районының 2016 жылғы бюджет параметрлерин тастыйықлаў туўрысында”ғы 28.12.2015 жыл №6/23-санлы шешими
- “Шымбай районында 2016 жылда жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасы туўрысында”ғы 28.12.2015 жыл №6/24-санлы шешими