Шымбай районы “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан “Гүлистан” мәкан пуқаралар жыйынын шөлкемлестириў ҳаққында

Шымбай районы “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жаңадан “Гүлистан” мәкан пуқаралар жыйынын шөлкемлестириў ҳаққында

29.03.2021 09:23:53 550 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамының 6-статьясына, Өзбекстан Республикасының
2011-жыл 12-октябрь күнги «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы 303-санлы Нызамына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2014-жыл 14-март күнги «Қалалар, посёлкалар
ҳәм аўыллардың мәкан пуқаралар жыйынларын дүзиў, бирлестириў, бөлиў ҳәм сапластырыў, сондай-ақ, олардың шегараларын белгилеў ҳәм өзгертиў, оларға атама бериў ҳәм олардың атамасын өзгертиў тәртиби туўралы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 271-санлы қарарына тийкарланып
ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл
3-февраль күнги 02-100-санлы келисим хатының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде

Ш Е Ш И М   Е Т Е Д И:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл
    3-февраль күнги 02-100-санлы келисим хаты орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Шымбай районы “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағын бөлген ҳалда жаңадан мәкан пуқаралар жыйыны шөлкемлестирилсин.
  3. Жаңадан шөлкемлестирилиўи режелестирилип атырған мәкан пуқаралар жыйынына “Гүлистан” атамасын бериў усынысы мақуллансын.
  4. Жаңадан шөлкемлестирилген “Гүлистан” мәкан пуқаралар жыйының аймағы, шегаралары сәўлелендирилген ҳәм тәрийпленген сызылмасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  5. Районлық статистика бөлими (А.Тажибаев)не, районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы (К.Байжанов)на ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлик кадастры мәмлекетлик карханасы районлық филиалы (М.Ауезов)на жаңадан шөлкемлестирилген географиялық объектлерди қайта дизимнен өткериў ўазыйпасы жүкленсин.
  6. Районлық ишки ислер бөлими (С.Утамбетов)не атамалары өзгерген орынлардағы халықтың паспортларына тийисли өзгертиўлер киритиў ўазыйпасы жүкленсин.
  7. Қарақалпақстан Республикасы Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлик кадастры мәмлекетлик карханасы районлық филиалы (М.Ауезов)на Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография
    ҳәм мәмлекетлик кадастры мәмлекетлик комитетине Географиялық объектлердиң атамаларының мәмлекетлик реестрине киргизиў
    ушын жаңадан шөлкемлестирилген географиялық объектлер бойынша тийисли ҳүжжетлерди жибериў тапсырылсын.
  8. Район ҳәкимлиги баспа сөз хызмети (Н.Толыбаева) ҳәм «Шымбай ҳаўазы» газетасы редакциясы (Р.Утепбергенов)на усы шешимди ҳәкимликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырыў ҳәм районлық «Шымбай ҳаўазы» газетасында рәсмий жәриялаў тапсырылсын.
  9. Шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  10. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүкленсин.

 

 

 

Халық депутатлары

Шымбай районлық

Кеңеси баслығы                                            А.Тажетдинов

 

2021-жыл 25-март                                                                                  24/120-санлы

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content