Шымбай районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл-хожалығы ушын мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық ҳәмде физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл-хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерди қолланыў ҳаққында

Шымбай районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл-хожалығы ушын мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық ҳәмде физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл-хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерди қолланыў ҳаққында

12.02.2021 10:22:42 242 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрь күнги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлк салығын жәнеде жеделлестириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманы ҳәмде «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлиги мүнәсебети менен «Өзбекстан Республикасының айрым Нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 2-статьясының 23 ҳәм 27-бәнтлерине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 8-январь күнги 225-санлы қарарына тийкар, 2021-жыл ушын белгиленген жергиликли бюджет прогнозларының орынланыўының турақлылығын ҳәм дәраматларының асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары бойынша аўыл ҳожалығына мөлшерленбеген жерлер
ушын салық ставкаларына киритип атырған кемейттириўши
ҳәм арттырыўшы коэффициентлерди қоллаў бойынша районлық Қаржы бөлиминиң 2021-жыл 8-январь күнги 01/11-санлы санлы усыныс хатын инабатқа алып Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси

ШЕШИМ ЕТЕДИ:

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының
    2021жыл 8-январь күнги 225-санлы «Қала ҳәм районлар бойынша
    аўыл-хожалығы ушын мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық
    ҳәмде физикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши
    ҳәм арттырыўшы коэффицентлерди қолланыў ҳаққында»ғы қарары орынлаў ушын басшылыққа алынсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының жоқарыда көрсетилген қарарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен белгиленген жер салығы ставкаларына халық депутатлары районлық Кеңеслерине өз аймақларында жайласқан аўыллар, массивлер, мәҳеллелер ҳәм көшелер кесиминде 0,7 ден 3,0 ке шекем кемейтирриўши
    ҳәм арттырыўшы коэфициентлерин киритиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленгенлиги;

Бунда, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери салық жүгин кескин асырыўын алдын алыў мақсетинде физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығына белгиленген (жеке тәртиптеги исбилерменлерден тысқары) ставкасына 2020-жыл ушын есапланған салық суммасының
1,3 есесинен аспаған ҳалда коэффициентлерди қолланыў, сондай-ақ, айрықша орынларда ҳәм туристлик зоналардағы жер участкалары
ҳәмде физикалық тәреплер пайдаланыўында болған 1 гектардан артық жер участкаларына 3,0 ке шекемги арттырыўшы коэффициентлерди колланыў мүмкин екенлиги нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрь күнги «Ресурс салықлары ҳәм мал-мүлик салығын жәнеде жеделлестириў ҳаққында»ғы ПФ-6121-санлы Пәрманына муўапық, салық кодекси
    менен белгиленетуғын салық ставкалары тийкарында (юридикалык
    ҳәм физикалық тәреплердиң
    ) аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын Шымбай районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары
    кесиминде, олардың экономикалық раўажланыўына қарап жер салығы ставкасын 0,7 тен 3,0 ге шекем кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин қолланыў бойынша Шымбай районы Финанс бөлими
    ҳәм Шымбай районы Мәмлекетлик Салық Инспекциясының усыныслары мақуллансын.
  2. Шымбай районы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларында
    аўыл-хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридиқалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектер ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери 1-қосымшаға муўапық, физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарда 1 кв.метр
    ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Усы шешим «Шымбай ҳаўазы» газетасында жәриялансын
    ҳәм ҳәкимлик веб-сайтында жайластырылсын.
  4. Шымбай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары (А.Молдахметов)на районда юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң ийелеген жер участкаларына салық ставкаларының дурыс қолланылыўы бойынша қадағалаўын орнатсын.
  5. Шымбай районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы (К.Байжанов)на Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен белгиленген салық ставкалары бойынша жер салығы төлеўшилерди өз ўақтында хабарландырыў ҳәм өндирилиўин тәмийинлеў тапсырылсын.
  6. Усы шешим рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  7. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, экономикалық реформаларды әмелге асырыў
    ҳәмде исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы комиссиясына жүклетилсин.

 

А.Тажетдинов,

Сессия басқарыӯшысы

 

Халық депутатлары
Шымбай районлық Кеңесиниң

2021-жыл ____-февраль күнги
_________-санлы шешимине
1-қосымша

 

Қала ҳәм районларда аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарда 1 гектар ушын белгиленген базалық салық ставкасына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

мың.сўмда

Район аймағындағы АПЖ ҳәм МПЖ лар Коэффицент

(0,7 ден 1,3 ге шекем)

2021-жыл ушын
Жер салығы ставкасы
1. Гүжимли МПЖ 1,15 21 994,9
2. Абат макан МПЖ 1,15 21 994,9
3. Дослық МПЖ 1,15 21 994,9
4. Шахтемир МПЖ 1,15 21 994,9
5. Жипек жолы МПЖ 1,15 21 994,9
6. Көкши қала МПЖ 1,15 21 994,9
7. Қарақөл МПЖ 1,15 21 994,9
8. Бердақ МПЖ 1,15 21 994,9
9. Оржап МПЖ 1,15 21 994,9
10. Темиржол гүзары МПЖ 1,15 21 994,9
11. Көнши МПЖ 1,15 21 994,9
12. Бахытлы АПЖ 1,0 19 126,0
13. Тазғара АПЖ 1,0 19 126,0
14. Кенес АПЖ 1,0 19 126,0
15. Таза-жол АПЖ 1,0 19 126,0
16. Май-жап АПЖ 1,0 19 126,0
17. Тағжап АПЖ 1,0 19 126,0
18. Қызыл-өзек АПЖ 1,0 19 126,0
19. Қостерек АПЖ 1,0 19 126,0
20. Пашенттау АПЖ 1,0 19 126,0
21. Қамыс Арык АПЖ 1,0 19 126,0

 

            Қосымша: Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен юридикалық тәреплер ушын жер салығы ставкасын аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәмде көшелер кесиминде олардың экономикалық жақтан раўажланыўына қарап, 0,7 ден 3,0 ке шекемги кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин белгилеў ҳуқықына 

Халық депутатлары
Шымбай районлық Кеңесиниң

2021-жыл ____-февраль күнги
_________-санлы шешимине
2-қосымша

 

Физикалық тәреплер бойынша (дийқан хожалығын жүритиў ушын берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден тысқары) бирден-бир муғдарда 1 кв.метр ушын белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейттириўши ҳәм арттырыўшы коэффициентлери

сўмда

Район аймағындағы АПЖ ҳәм МПЖ лар Коэффицент

(0,7 ден 3,0 ге шекем)

2021-жыл ушын
Жер салығы ставкасы (сўмда)
1. Гүжимли МПЖ 1,15 178,25
2. Абат макан МПЖ 1,15 178,25
3. Дослық МПЖ 1,15 178,25
4. Шахтемир МПЖ 1,15 178,25
5. Жипек жолы МПЖ 1,15 178,25
6. Көкши қала МПЖ 1,15 178,25
7. Қарақөл МПЖ 1,15 178,25
8. Бердақ МПЖ 1,15 178,25
9. Оржап МПЖ 1,15 178,25
10. Темиржол гүзары МПЖ 1,15 178,25
11. Көнши МПЖ 1,15 178,25
12. Бахытлы АПЖ 1,0 155,0
13. Тазғара АПЖ 1,0 155,0
14. Кенес АПЖ 1,0 155,0
15. Таза-жол АПЖ 1,0 155,0
16. Май-жап АПЖ 1,0 155,0
17. Тағжап АПЖ 1,0 155,0
18. Қызыл-өзек АПЖ 1,0 155,0
19. Қостерек АПЖ 1,0 155,0
20. Пашенттау АПЖ 1,0 155,0
21. Қамыс Арык АПЖ 1,0 155,0

 

            Қосымша: Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен физикалық тәреплер ушын жер салығы ставкасын аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары көшелер ҳәм массивлер кесиминде экономикалық жақтан раўажланыўына қарап 0,7 ден 3,0 ке шекемги кемейиттириўши ҳәм арттырыўшы коэффицентлерин белгилеў ҳуқықына ийе.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content