Рәсмий мағлыўмат

Рәсмий мағлыўмат

26.03.2024 17:21:48 585 Баспаға шығарыў

Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен социаллық тармақларда жәрияланған «Тағ жап» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жол мәселеси бойынша мүрәжаты үренилип шығылды.
Атап айтқанда «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан быйылғы жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социал-экономикалық раўажландырыў, қолай бизнес орталығын жаратыў, инновацион технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинлениў дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтыӊ пәраўанлығын асырыўдың қосымша ис-илажлары хаққында”ғы 500-санлы қарарына муўапық 3,5 км ишки жолларды оңлаў белгиленди.
Бүгинги күнде район аймағында 210 км.ден аслам топырақ жоллар бар болып, бул жолларды жыл даўамында оңлаў мүмкиншилиги жоқ екенлигин, лекин, мүрәжатта келтирилген ишки жолды быйылғы жылдың бағдарламасына қосымша киритиў арқалы оңлаў жумыслары алып барылатуғынлыгын мәлим етип билдиремиз.

Пайдалы ресурслар
Skip to content