Шымбай районы аймағынан бираз жырақта жайласқан «Пашент таӯ» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгинги күнде халық саны 3295 , хожалық саны болса 426 ны қурап аймақ турғынлары аӯызбиршиликли түрде жасап келмекте.
Бүгин аймақ турғынлары ушын қос қуӯаныш себеби,Наўрыз-жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир қымбат байрамы” ҳәмде «Үш әўлад ушырасыўы» кеӯилли даӯам етти.
Байрамға район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президент Администрациясы жуӯаплы хызметкери А.Жанузаков сондай – ақ Қарақалпақстан Республикасы Нураный қоры бөлими баслығы Т.Абдижабаровлар қатнасып аймақ турғынларын байрам менен қутлықлап «Абат аўыл, абат көше, абат үй» принципи тийкарында усы аймақта барлық жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылып атырғаны ҳаққында айрықша сөз етилди.
Байрамға жыйналғанлар концерт бағдарламалар ҳәм миллий көргизбелер менен танысып ӯақытларын мазмунлы өткерди.