Шымбай районы 1-сектор тәрепинен 2023-жыл 6 айы даӯамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм де жыл жуӯмағына шекем белгилеп берилген ӯазыйпалар

Шымбай районы 1-сектор тәрепинен 2023-жыл 6 айы даӯамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм де жыл жуӯмағына шекем белгилеп берилген ӯазыйпалар

04.08.2023 21:04:30 209 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда мәмлекетимизде аймақларды комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ халықтың жасаӯ шараятларын, турмыс дәрежесин түптен жақсылаӯ мақсетинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Шымбай районы 1-сектор аймағында 6 ай даӯамында исленген жумыслар бойынша есабат беретуғын болсам, 1-сектор аймағына «Көкши қала», «Кеңес», «Қостерек» ҳәм де «Тазажол» мәкан ҳәм аӯыл пуқаралар жыйыны бириктирилген болып, онда

20 мыңнан аслам халық жасайды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  “Аймақларды комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ бойынша секторлар жумысларын және де жетилистириӯге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы (08.01.2019.ПҚ-4102) қарары тийкарында аймақларды 4 секторға бөлген ҳалда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын, әсиресе, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Темир дәптер”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” қәлиплестирилип, халық пенен мәнзилли жумыс алып барыӯ жолға қойылды.

  1. “Темир дәптер” бойынша

Бүгинги күнде 1-сектор аймағынан “Темир дәптер”ге киритилген жәми 12 шаңарақ бар болып, олардың ишинде 8 шаңараққа қуяш панели орнатылып берилди.

  1. “Ҳаяллар дәптери” бойынша

ϴзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң

2022-жыл 31-март күнги “Ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 145-санлы қарарына тийкар социаллық қоллап- қуўатлаўға мүтәжлиги болған ҳаял-қызларды қоллап-қуӯатлаӯ бағдарындағы жумысларды даӯам еттириӯ мақсетинде 2023-жыл “Ҳаяллар дәптери” жамғармасы есабынан бағыўшысы  жоқ мүтәжлиги болған 34 ҳаял-қызға, социаллық жәрдемге мүтәж 1-2 топар майыплығы болған, сондай-ақ, медициналық жәрдемге мүтәж 66 ҳаял-қызға, қарамағында майып перзенти болған мүтәж 24 ҳаял-қызға, жәми 124 ҳаял-қызларға базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында жәми 163 млн. 680 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пулы, 1 ҳаял-қыздыӊ ижара компенсация пуллары тɵлеп берилди. 2 ҳаял-қыздыӊ турақ-жайлары ремонтлап берилди. Исбилерменлик пенен шуғыланыў нийетинде болған

42 ҳаял-қызға 434 млн. сўм муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

“Жаслар дәптери” бойынша

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы (19.01.2022.ПҚ-92) қарары тийкарында жаслар жетекшилери лаӯазымы шөлкемлестирилди.

Шымбай районы 1-сектор аймағында жаслар саны 4 947 болып, халық саныныӊ 24,7 пайызын қурайды. Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеӯ бойынша 79 жас жәмийетшилик ҳәм турақлы жумыс орынларына ийе болды, 101 жасқа 1 млрд 885 млн. сўм муғдарында исбилерменлик пенен шуғулланыў ушын жеӊиллетилген кредитлер ажратылды, 14 жасқа 13,1 гектар жер орынлары, 8 жасқа

23 млн 62 мыӊ. сўм субсидия тийкарында асбап-үскене алып берилди, 20 жас кәсип-өнерге оқытылды, бүгинги күнде жумыссыз жаслар 149 жасты қурайды.

Ал, бүгинги күнде “Жаслар дәптери”не сектор аймағынан 342 жас киритилди, 203 жасқа әмелий жәрдем көрсетилди, 139 жас “Жаслар дәптери”нде қалмақта.

 

Инфраструктурасын жақсылаӯ бойынша

 

Ҳүрметли депутатлар!

Сессия қатнасыӯшылары!

Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм де Қәӯендерлер қаржылары есабынан сектор аймағы инфраструктурасын жақсылаӯ мақсетинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда,  бүгинги күнде «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан жәми 200 метр аралықтағы газ тармақлары тәртиплестирилип, бояў жумыслары;

«Тазажол» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 351, «Қостерек» АПЖ аймағынан 145, «Кеңес» АПЖ аймағынан 26 ҳәм «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 1, жәми 523 дана Түркменстан Республикасынан алып келинген суйылтырылған газ баллонлары тарқатылды.

“Қостерек” ҳәм “Тазажол” аўыл пуқаралар жыйынлары орайларын байланыстырыўшы 4н45 автобомиль жолына 1 млрд. сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс оңлаў жумыслары;

усы аймақтағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебине алып барыўшы 1,6 км аралыққа қум-шағал (ЩПС) араласпасы төсеў жумыслары,

“Көкши қала” мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан улыўма 1,9 км. ишки жоллар исленди. Атап айтқанда, Алламберген шыпакер көшеси 1,3 км. Р.Зарипов көшеси 0,6 км ишки жоллар қара қаплама (асфальт) төсеў жумыслары алып барылмақта.

Буннан басқа Өзбекстан Республикасы Президентиниң 500-санлы қарары менен Сәлмен ата көшесине 300 метр топырақ жолға қум-шағал араласпасы;

“Кеңес” аӯыл пуқаралар жыйыны аймағынан 500-санлы қарар тийкарында 1,3 км. топырақ жоллар қум-шағал араласпасы;

“Қостерек” аӯыл пукаралар жыйыны аймағынан 500-санлы қарардың қосымшасы есабынан 2,7км ишки жоллар қум-шағал араласпалы жолларға айландырылды.

Буннан басқа 2023-жыл 1-ярым жыллық «Ашык бюджет» порталы есабынан Қанлы аӯылдан 6,2 км ишки жолларды оңлаӯ ушын бүгинги күнде жойбар-смета ҳүжжетлери таярланып тендерге қойылмақта.

Сондай-ақ, Параметрде көзде тутылған қаржы есабынан Бағлы қытай аӯылынан 1,4 км ишки жолларды оңлаӯ жумыслары;

“Тазажол” аӯыл пуқаралар жыйыны аймағынан пуқаралардың мүрәжатлары бойынша Анна аӯылдан 2 км,

Орайдан 680 метр ишки жоллар, кум-шағал араласпалы жолларға айландырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги “2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаӯ бойынша қосымша ис-илажлар туӯрысында”ғы ПК-408-санлы қарарына тийкар «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жәми 146 млн 550 мың сум қаржы есабынан 1,5 км жаңадан ишимлик суӯ тармақлары тартылып, пайдаланыӯға тапсырылды.

Буннан басқа Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-декабрьдеги ПК-459-санлы қарарына тийкар Азия инфраструктуралық инвестициялар банк кредит қаржылары есабынан «Кеңес» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Кеңес бас суӯ жыйнаӯ” иншаатын қайта реонструкция қылыӯ ҳәм де ишимлик суӯ тармақлары тартылмаған орынларға жаңадан ишимлик суӯ тармақларын тартыӯ режелестирилген.

Соны менен бирге “Қостерек” аӯыл пуқаралар жыйыны аймағы Қайшылы аӯылына Бирлескен миллетлер шөлкеми тәрепинен жәми 350 млн. сӯм қаржы есабынан 1,5 км. жаңадан ишимлик суў тармақлары тартылып пайдаланыӯға тапсырылды.

Сондай-ақ, 1-сектор аймағы “Қостерек”, “Кеңес”, “Тазажол” аӯыл пуқаралар жыйынларындағы 3,7 км электр кабеллерине ири оңлаӯ жумыслары 10 дана трансформаторларға ири оңлаӯ жумыслары соннан авариялық жағдайдағы 60 дана таяныш бағаналары жаңасына алмастырылды.

 

Мәҳәллебай ислеӯ, кәмбағаллықты қысқартыӯ бойынша

Ҳүрметли Депутатлар!

Сессия қатнасыӯшылары!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәҳәлледе исбилерменликти раӯажландырыӯ, халықтың бәнтлигин тәмийинлеӯ ҳәм кәмбағаллықты қысқартыӯ бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы жөнелислери ҳаққында”ғы (03.12.2021.ПП-29) пәрманы ҳәм де  “Мәҳәлледе исбилерменликти раӯажландырыӯ, халықтың бәнтлигин тәмийинлеӯ ҳәм кәмбағаллықты қысқартыӯ мәселелери бойынша район ҳәкиминиң жәрдемшилериниң ис-ҳәрекетин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы (03.12.2021. ПҚ-31) қарары тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе ҳәким жәрдемшилери шөлкемлестирилди. Бул системаның жолға қойылыӯы халық пенен мәнзилли жумыс алып барыӯға кең имканият жаратты.

Пуқаралардың машқала ҳәм усынысларын үйме-үй жүрип үйрениӯ, халыққа әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин түсиндирип, анықланған машқалаларды орнында шешиў, сондай-ақ, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары көрилмекте.

Аўыллық жерлердеги халықтың, әсиресе, “Темир дәптер, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаяллар даптери”ндеги мүтәжлилиги бар болған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 53 пуқараға 61,1 га жер майданлары аукцион арқалы ажыратылып, бүгинги күнде ижараға алынған жер майданларынан жетистирген ɵнимлерин сатыў арқалы шаңарақларына дәрамат келтирмекте.

Сондай-ақ, 43 пуқара кәсип-өнерге оқытылды. 481 пуқара жумысқа орналасты. Соннан, 242 пуқара турақлы жумысқа, 43 пуқара жәмийетлик жумысларға, 196 өзин-өзи бәнт еткенлер болып табылады.

Соның менен бирге, 58 жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлери, соннан 19  жеке тәртиптеги, 39 юрикалық шахс сыпатында жумыс алып барылмақта.

Сондай-ақ, 1-сектордағы ҳәким жәрдемшилери тәрепинен исбилерменликти раӯажландырыӯ бағдарламасы тийкарында

258 пуқараға усыныснама тийкарында 4 млрд. 742 млн сум коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер ажыратылды.

 

Медицина тараӯы бойынша

Ҳүрметли Депутатлар!

Сессия қатнасыӯшылары!

Ден-саӯлықты сақлаӯ системасын және де жетилистириӯ, медициналық хызметтиң сапасын жақсылаӯ, халықтың саламатлығын беккемлеӯ, сыпатлы дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеӯ бағдарында бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 55-санлы “Тазажол” шаңарақ поликлиникасы имаратын релин (ленолиум), кафель, канилизация тармақлары, жылытыӯ системасын ремонлаӯ жумыслары, иамарат әтирапын қорғанша қурыӯ ушын жергиликли бюджет есабынан 1 млрд. 30 млн. сӯм;

56-санлы “Кеңес” шаңарақ поликлиникасы имаратын сыртқы фасад, қоймахана, ишимлик суӯ сақлағыш резервуарында қурылыс жумыслары ушын жергиликли бюджет есабынан 493 млн. сӯм қаржы ажыратылып жумыслар алып барылды.

Мектепке шекемги билимлендириӯ

Ҳүрметли депутатлар,

Сессия қатнасыӯшылары!

Мектепке шекемги билимлендириӯ системасын раӯажландырыӯ, мәмлекетлик жеке шериклик тийкарында жақын келешекте бақша жасындағы балаларды толық мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлерине қамтып алыӯ бағдарында унамлы өзгерислер жүз бермекте.

Шымбай районына бириктирилген Наўайы ӯәлаяты ҳәкимлиги қаржылары есабынан  “Көкши  қала”  МПЖ  аймағынан   тазадан

120 орынлы ҳәм де “Тазажол” АПЖ аймағында жайласқан

6-санлы МШБШне қаржы ажратылып капитал қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content