“Ўәсиятнама түсиниги”

“Ўәсиятнама түсиниги”

28.09.2021 10:50:56 333 Баспаға шығарыў

Ўәсиятнама өлим жүз бериўи ҳалатына дүзиледи ҳәмде мийрас қалдырыўшы тири болмаған, мийрас ашылған ўақыттан баслап әмелге киреди.

Пуқараның өзине тийисли мал мүлкти яки бул мал-мүлкке қарата ҳуқықын қайтыс болған тәғдирде ийелик етиў бойынша өзиниң қәлеўин ўәсият деп түсиниледи.

Ўәсиятнама – ўәсият етиўшиниң шахсы менен тығыз байланыслы питим болып, ол нызам тийкарында яки исеним хат бойынша искерлигин жүритетуғын дәлдалшы яки ўәкил арқалы дүзилмейди.

Ўәсият бийлигин бериў ҳуқықы айрықша шахсый ҳуқық сыпатында үшинши шахслар менен келисиўи менен шекелениўи мүмкин емес. Ўәсият етиўши ҳуқықынан ўаз кешиў киби аҳимийетсиз. Себеби ўәсиятнама бир тәреплеме питимди өзинде сәўлелендиреди ҳәм ол бир тәрептиң өз қәлеўин сәўлелендириўи жетерли есапланады. Соның ушын ўәсиятнаманың ҳақыйқыйлығы мийрасхорлар оның мазмунына разылығы яки оған қараслылығы менен байланыслы емес.

Ўәсиятнама шахсан дүзилиўи лазым.

Пуқара өзиниң барлық мал-мүлкин яки оның белгили бир бөлегин нызам бойынша мийрасхорлар шеңберине киретуғын, сондай-ақ, кирмейтуғын бир яки бирнеше шахсқа, сол менен бирге юридик шахсларға, мәмлекетке яки пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларына ўәсият етиўи мүмкин.

Ўәсият етиўши нызам бойынша мийрасхорлардан бирин, бир қаншасын яки ҳәммесин талықлаў бермеген ҳалда мийрастан маҳрум етиўге ҳақылы. Нызам бойынша мийрасхорды мийрастан маҳрум етиў, егер ўәсиятнамадан басқа жағдайлар келип шықпаса, бул ўәсият етиўшиниң усыныў ҳуқықы бойынша мийрасхорлық қылатуғын әўлатларға қарата қолланылмайды.

Мийрас қалдырыўшы ҳәр қандай мал-мүлк туўрысындағы бийликти өз ишине алатуғын ўәсиятнама дүзиўге ҳақылы.

Мийрас қалдырыўшы ўәсият етип атырған ўақытта өзине тийисли болмаған мал-мүлк туўрысындағы бийлигин өз ишине алатуғын ўәсиятнама дүзиўге ҳақылы. Егер мийрас ашылған пайытқа келип, бундай мал-мүлк оған тийисли болып қалса, тийисли бийлик ҳақыйкый есапланады.

Мийрас қалдырыўшы ўәсиятнама дүзилгеннен кейин оны қәлеген ўақытта бийкар етиў ҳәм өзгерттириў бойынша еркин болып, бунда бийкар етиў яки өзгерттириў себеплерин көрсетиўге мәжбүр емес.

Мийрас қалдырыўшы өзи ўәсиятнамада мийрасхор етип тайынланғанда шахсларға, өз нәўбетинде өлим қәўипи менен өзлерине ўәсият етилген мал-мүлкти белгили бир тәризде ийелик етиў бойынша көрсетпе бериў мәжбүриятын жүклеўге ҳақылы емес.

Ўәсиятнама жазылған жери ҳәм ўақыты көрсетилген ҳалда жазба формада дүзилиўи лазым.

Атап айтқанда, нотариал тастыйықланған ўәсиятнамалар, нотариал тастыйықланған ўәсиятнамаларға теңлестирилген ўәсиятнамалар жазба формада дүзилген есапланыўы белгиленген.

Жазба формадағы ўәсиятнама ўәсият етиўшиниң өз қолы менен имзаланыўы лазым.

Егер ўәсият етиўши физикалық кемшиликлери, кеселлиги яки саўатсызлығы себепли ўәсиятнаманы өз қолы менен имзалай алмаса, оның илтимасына тийкар нотариус яки нызамға муўапық ўәсиятнаманы тастыйықлайтуғын басқа шахс бар болғанда ўәсият етиўши өз қолы менен имзалай алмағанлығының себеплери көрсетилген ҳалда ўәсиятнамаға басқа шахс имза қойыўы мүмкин.

Сондай-ақ, нотариус яки ўәсиятнаманы тастыйықлаўшы басқа шахс, ўәсиятнама кимниң пайдасына дүзилген яки кимге қарата ўәсият мәжбүрияты жүклетилген болса, усы шахс, оның күйеўи (ҳаялы), балалары, ата-анасы, ақлықлары ҳәм шаўлықлары, сондай-ақ ўәсият етиўшиниң нызам бойынша мийрасхорлары, толық ҳәрекетке уқыплы болмаған пуқаралар, саўатсызлар ҳәм ўәсиятнаманы оқый алмайтуғын басқа шахслар, жалған гуўалық бергенлик ушын илгери судланған шахслар ўәсият етиўшиниң орынына ўәсиятнаманы имзалаўы мүмкин емеслиги белгиленген. (ПК 1124-статьясы)

Жуўмақта соны айтыў керек, усы тайыпадағы даўларды көриўде судлар тәрепинен пуқаралық мүнәсибетлериниң нызамлылығына ҳуқықый баҳа берген ҳалда шешиў истиң туўры ҳәм әдилана шешилиўине алып келеди.

 

 

Пуқаралық ислери бойынша

Шымбай районлараралық

Судының архивариусы:-                                                              Д.Турдыбаева

Пайдалы ресурслар
Skip to content