Киши кѳлемли кемелер ҳәм қайық ийелери дыққатына!

Киши кѳлемли кемелер ҳәм қайық ийелери дыққатына!

31.08.2021 16:36:55 76 Баспаға шығарыў

Киши көлемли кемелер дегенимиз — двигателлериниң қуўатлығы 55 кВт тан кем болған ҳәм 12 пуқарадан кем жолаўшы сыятуғын өзи жүрер кемелер, двигателлериниң қуўатлығы ҳәм санына қарамастан, көтерме моторлы кемелер, суў мотоцикллары (гидроцикллар), өзи жүзбейтуғын кемелер ҳәм 80 регистр тоннадан кем көлемли басқа жүзиўши объектлер, ҳаўа толтырылган моторсыз, ескекли қайықлар болып есапланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 10-апрель күнги «Айрықшажағдайлар дүзилмелериниң хызметлерин жәнеде жетилистириў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4276-санлы қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги ҳаққында»ғы Режениң I-бап
2-пунктинде Айрықша жағдайлар министрлиги киши көлемли кемелерден пайдаланыў, суў объектлеринде пуқаралардың өмири ҳәм ден-саўлығын қорғаў тараўында мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл
19-сентябрь күнги «Халықты ҳәм аймақларды тәбиий ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлардан қорғаў, пуқаралық қорғаныўы, сондай-ақ, киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыў тараўында мәмлекетлик қадағалаўды алып барыў тәртиби ҳакқындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 744-санлы қарары менен тастыйықланган Режениң V-бапында киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыў тараўында қадағалаўды әмелге асырыў белгиленген. Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министриниң 2017-жыл 27-декабрьдеги 529-санлы ҳәм 530-санлы буйрығы тапсырмаларында киши көлемли кемелерди мәмлекетлик дизимнен ҳәм техникалық тексериўден өткерилиўи шәрт етип белгиленип қойылған.

Физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен киши кѳлемли кемелер сатып алынғанда техник ҳалатынан қарамастан, бир ай ишинде дизимнен ѳткерилиўи (қайта дизимнен ѳткерилиўи) шәрт етип белгиленген.

Киши кѳлемли кемени дизимнен ҳәм техник кѳрикден ѳткериў ушын Қарақалпақтан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасына арза менен мүрәжаат етиледи.

Арзаға тѳмендегилер қосымша қылынады:

-кеме ийесиниң яки исенимли ўәкилиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет;

-кеме яки двигателлериниң (аспа маторларының) сатып алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер (товар шеги, алды-сатты, саўға шәртнамасы, ўәсият бойынша мүликке ийелик қылыў ҳуқуқын тастыйықлаўшы гуўалық ҳәм басқалар);

– дизимнен ѳткерилиўи ушын тѳлеў әмелге асырылғанлығы ҳаққында квитанция.

Дәслепки техник кѳрикден ѳткериўде кемениң жүк кѳтериў қәбилети ҳәм жолаўшылар сыйымлығы, двигатель саны ҳәм рухсат етилген қуўаты, желқомлардың рухсат етилген майданы, жүзиў орны (қырғақтан узақласыў), кемелер жүзиў мүмкин болған толқын бәлентлиги, суў үсти борты, суўға батыўы, қутқарыў қураллары ҳәм от ѳширгиш, сигнал шырақлары ҳәм навигация үскенелери тексериледи.

Дизимнен ѳткерилген киши кѳлемли кемелерге борт номерлери ҳәм кеме билетлери бериледи.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодескиниң ХI-бап 119-статьясына муўапық киши көлемли кемелер мәмлекетлик инспекциясы қадағалаўындағы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыў қағыйдаларын бузғанлық ушын –

пуқараларға ең кем ис ҳақысының оннан бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекем, юридикалық шахсларға – екиден бир бөлегинен бир есеси муғдарында жәрийма салыўга себеп болады.

Ҳүрметли физикалық ҳәм юридикалық шахслар өзиңизде бар болған киши көлемли кемелерден Нызамлы ҳәм қәўипсиз рәўиште пайдаланыў ҳәмде суў қәўиплеринен пуқаралардың өмири ҳәм ден-саўлығын қорғаў мақсетинде, киши көлемли кемелериңизди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен мәмлекетлик дизимнен ҳәм техникалық тексериўден өткериўиңизди соранамыз.

 

 

 

 

 

Шымбай районы АЖБ

АЖМД ҳәм ПҚ ХШ, ҚҮН бөлимшеси баслығы,

лейтенант                                                                            А.Есназаров

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content