Нураный анамыз сыйлықланды

Нураный анамыз сыйлықланды

31.08.2021 16:05:32 194 Баспаға шығарыў

 

Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен бир топар мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық, экономикалық тараўдағы хызметкерлер соның менен бирге бир қатар кексе  нураныйларымыз мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланбақта. Усылар қатарында   нураный анамыз Оразгул Сапарбаева да Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы көкирек нышаны менен сыйлықланды.Нураный анамызды байрам менен қутлықлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси инсан хуқықлары бойынша аймақлық ӯәкили, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитети баслығы З.Реймова ҳәм район ҳәкими А.Тажетдиновлар  О.Сапарбаеваның шаңарағында болды.Нураный анамызды байрам менен қутлықлап көкирек нышанын  ҳәм байрам саўғаларын тапсырып, өзлериниң  жақсы тилеклерин билдирди.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content