Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигине 30 жыл толыў мүнәсибети менен Шымбай районы орайындағы «Ғәрезсизлик майданы»нда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында байрам илажы болып өтти. Илажда район ҳәкими А.Тажетдинов шығып сөйлеп, байрам менен район халқын қызғын қутлықлады. Буннан соң районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары, спортшы жаслар қатнасында спорт шығыўлары қатнасыўшылар нәзерине усынылды.