ТЕЗ АРАДА ИСКЕ ТҮСИӮИ РЕЖЕЛЕСТИРИЛГЕН «ZANG TEX» ГЕ МЕДИА ТУР

ТЕЗ АРАДА ИСКЕ ТҮСИӮИ РЕЖЕЛЕСТИРИЛГЕН «ZANG TEX» ГЕ МЕДИА ТУР

19.08.2021 11:22:03 323 Баспаға шығарыў

 

Шымбай районы «Көкши қала» макан пуқалар жыйыны аймағында  «ZANG TEX» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине медиа тур шөлкемлестирилди. Тез арада иске түсиӯи режелестирилген текстиль фабрикасының жәми баҳасы 103 млрд. 700 млн. сўмлық ийирилген жип ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылмақта.Бүгинги күнде Қытай мәмлекетинен ислеп шығарыў үскенелери толық жетип келген, текстиль фабрикасының қурылыс жумыслары алып барылмақта.Жойбар иске түсирилгеннен соң 200 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады ҳәм жылына 4 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыӯ жолға қойылады.Медиа турда қатнасыӯшы жаслар текстиль фабрикаға  байланыслы  сораӯларына  тийисли жуӯаплар алды.

Пайдалы ресурслар
Skip to content