Соңғы жылларда мәмлекетимизде пуқаралар, юридикалық шахслар ҳәмде исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң суд жолы менен ҳәр тәреплеме ҳәм толық қорғалыўын тәмийинлеў, суд тараўына хабар коммуникациялық технологияларды кеңнен енгизиў, суд мәжилислериниң ашықлығы ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў ҳәм пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыў барысында избе-излик пенен реформалар әмелге асырылып келинбекте.
2021 жыл 28 июльда жаңадан қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы нызамы мине сол мақсетлерди өзине жәмлестирген болып, тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың логикалық даўамы болды, деп айтыўымызға барлық тийкарлар бар.
Бул Нызам 101 статьядан ибарат болып, рәсмий жәрияланған күннен, яғный 2021 жыл 29 июльдан баслап нызамлы күшине кирди.
«Судлар ҳақкында»ғы жаңа нызамның ески редакциядағы нызамнан тийкарғы парықлары ҳәм өзине тән өзгешеликлериниң айырымлары ҳаққында тоқталып өтемиз.
Нызамдағы тийкарғы жаңалық Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2020 жыл 24 июльда имзаланған «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳақкында»ғы Пәрманда белгиленген структуралық реформалардан келип шыққан болып, Нызамның 2-статьясында судлардың жаңа системасы белгиленди. Оған муўапық, 2021 жылдың 1 январьдан баслап пуқаралық, жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық судлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық экономикалық судлары бирлестирилгенлиги ҳәмде район (қала) ҳәкимшилик судлары сапластырылғанлығы мүнәсебети менен суд системасында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық судлары, сондай-ақ районлараралық ҳәкимшилик судлары көрсетип өтилди.
Сондай-ақ Нызамның судьялар корпусын раўажландырыўға бағышланған 5-статьясында судьялар корпусын раўажландырыў судьялардың ғәрезсизлиги принципине қатаң муўапық ҳалда Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси тәрепинен әмелге асырылыўы, кеңести шөлкемлестириў ҳәм оның искерлик тәртиби айрықша нызам менен белгилениўи нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, судьялардың ғәрезсизлиги, нызам ҳәм суд алдында теңлик, суд ҳүжжетлериниң мәжбүрийлиги, суд ислерин жүргизиўдиң әшкаралығы, суд ислери жүргизилетуғын тил, суд қорғаўында болыў ҳуқықы, айыпсызлық презумпциясы киби судлар искерлигиниң принциплерине қосымша рәўиште нызамлылық деп аталған 8-статьяда Өзбекстан Республикасында әдил судлаў нызамға қатаң муўапық ҳалда әмелге асырылыўы белгиленген болса, суд ҳүжжети үстинен шағым етиў ҳуқықы нәзерде тутылған 17-статьяда тәреплер ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа шахслардың суд ҳүжжети үстинен нызамда белгиленген тәртипте шағым етиў ҳуқықына ийе екенлиги беккемлеп қойылды.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2019 жыл 29 декабрьде Олий Мәжилиске жоллаған мүрәжатнамада ҳәмде оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2020 жыл 24 июльда қабыл етилген «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳақкында»ғы ПФ-6034-санлы Пәрманында белгиленген 2021 жыл 1 январьдан баслап бир-бирин тәкирарлайтуғын суд басқышларын қысқартыў ҳәм әдил судлаўға туўры келмейтуғын ислерди бақлаў тәтибинде көриў институтын қысқартыў ўазыйпасының әмелдеги сәўлелениўи сыпатында жаңа нызамның 28-статьясында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының ўәкилликлеринде ислерди бақлаў тәртибинде көриў нәзерде тутылмаған ҳәмде бақлаў инстанциясы орнына кассация инстанциясында ислерди тәкирарый көриў институты енгизилиўи мүнәсебети менен Нызамның 29-статьясында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судлаў коллегиялары ислерди биринши инстанция, апелляция ҳәм кассация тәртибинде, сондай-ақ кассация инстанция судында тәкирарый көриў белгиленди.
Нызамның 3-бап, 32-38-статьяларында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қалалық судларының қурамы, ўәкилликлери, Президиум ҳәм судлаў коллегияларының ўазыйпалары, суд баслығының ҳәмде баслық орынбасарлары – судлаў коллегиясы баслықларының ўәкилликлери анық ҳәм рәўшан белгилеп берилген.
Жаңа редакциядағы нызам менен судьялық лаўазымына талабанларға қарата белгиленген талаплар да күшейттирилди. Атап айтқанда ески редакциядағы Нызамның 61-статьясына бола, отыз бес жастан киши болмаған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ҳәм юридикалық қәнигелиги бойынша ең дәслеп ҳуқық қорғаў уйымларында кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқарасы судьялық лаўазымына тайынланыўы мүмкин болған болса, жаңа редакциядағы нызамның 67-68-статьяларына тийкар отыз бес жасқа толған, жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған ҳәм юридикалық қәнигелиги бойынша кеминде жети жыллық мийнет стажына ийе болған Өзбекстан Республикасы пуқарасы районлараралық, район, қала судының, аймақлық әскерий судтың судьясы болыўы мүмкинлиги белгиленди. Бул судьялық лаўазымының үлкен жуўапкершиликли ўазыйпа екенлиги менен тиккелей байланыслы.
Соны да айтыў лазым, алдын судьяларға қарата қолланылыўы мүмкин болған интизамий жаза шаралары нызам асты ҳүжжетлери менен тәртипке салынған болса, жаңа редакциядағы нызамның 74-77-статьялары судьяның интизамий жуўапкершилик мәселесин тәртипке салыўға қаратылған болып, 76-статьяда интизамий жазалардың түрлери анық белгилеп берилди.
Жаңа редакциядағы нызамда судьялар менен олардың шаңарақ ағзаларының материаллық ҳәм социаллық қорғалыўы нәзерде тутылғанлығы, судьяларды үй-жай менен тәминлеў ҳәмде үй-жай ижарасы менен байланыслы төлемлердиң төлеп берилиўи нызам шеңберинде тәртипке салынғанлығы, судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қорғаў бойынша көрилген иләжлар судьяларды әдил судлаўды тәмийинлеў барысындағы искерлигин қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.
Сондай-ақ жаңа редакциядағы нызам менен судьялардың ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери, судьялар ғәрезсизлигиниң тийкарғы кепилликлери, судьяның қолқатылмаслығы, судқа ҳүрметсизлик қылғанлық ушын жуўапкершилик, судьяның ўәкилликлерин тоқтатып турыў ҳәм мүддетинен алдын тамамлаў, судьялар квалификациялық коллегиясы искерлиги ҳәм тараўды тәртипке салыў менен байланыслы басқа қатнасықлар толық тәртипке салынған.
Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы «Судлар ҳаққында»ғы нызамы суд ҳәкимиятының шын мәнидеги ғәрезсизлигин, әдил судлаўдың судьялар тәрепинен тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырылыўын, суд мәжилислериниң ашық ҳәм әшкара өткизилиўин тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин, исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин суд жолы менен кең ҳәм толық қорғаў ҳәм сол арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин асырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы
суды судьясы А.К.Керимбаев