Шымбай районын 2022-жылда социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2023-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң есабаты

Шымбай районын 2022-жылда социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм 2023-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң есабаты

19.01.2023 10:21:16 104 Баспаға шығарыў

Ҳүрметли Президентимиздиң мәмлекетимизде реформаларды әмелге асырыў мақсетинде қабыл етилген пәрманлары менен қарарлары тийкарында барлық тараўларда кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Усы тийкарда бүгин Шымбай районында 2022-жылы социаллық-экономикалық раўажланыў жуўмақлары ҳәм келеси жылғы режелер ҳаққында Ҳүрметли депутатлар Сизлер арқалы район ҳалқына мүрәжатымды жоллайман.

Усы мүрәжатым даўамында Президентимиздиң Пәрманлары ҳәм Қарарларында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм тапсырмаларға муўапық район аймағында әмелге асырылып атырған жумысларға қысқаша тоқталып өтсем.

Атап айтқанда, районымызда социал-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў мақсетинде бир қанша жумыслар алып барылды.

Экономика тараӯы бойынша

2022-жыл даўамында жергиликли бюджет қаржылары есабынан 226 млрд. 347,8 млн. сўм қаржылар жумсалды. Атап айтқанда, еркин қалдық қаржылары есабынан 3 млрд
288
млн. сўм, район ҳәкимлигиниң сақлаў фонды есабынан
1 млрд 303 млн. сўм ҳәм де дараматлар режесинен артық орынлаған бөлеги есабынан 4 млрд. 688 млн.сўм жумсалды.

Тийкарынан бул каржылар “Сақаўат ҳәм көмек” жамғармасына 235,0 млн сўм,”Ҳаяллар дәптери” қорына
734,8 млн.сум  ҳәм “Жаслар дәптери” қорына 991,2 млн. сум ажыратылды.

Абаданластырыў кәрханасына арнаўлы техникалар сатып алыў ушын 2 млрд. 370,8 млн.сум, қала ишиндеги пиядалар жолларын қурыӯ ушын ҳәм де видеокамералар орнатыў жумысларына 1 млрд.162 млн. сўм жумсалды.

Сондай-ақ, 8 млрд. 147 млн. 162 мың сўм «Ашық бюджет» www.openbudget.uz «Жәмийетшилик пикири қоры»на 2021-жыл жуўмағына көре жеңимпаз деп табылған усынысларды әмелге асырыў ушын  мәлимлеме порталына ажыратылды.

Жыл даўамында санаат кәрханалары тәрепинен 279,4 млрд. сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўына ерисиледи ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
117,1 процент, республикадағы үлеси 1,6 процентти қурады.

Соннан 49,5 процентин райондағы киши бизнес субъектлерине (138,2 млрд.сўмлық) туўры келмекте ҳәм қалған бөлегин (50,5 проценти) райондағы 3 ири кәрханалардың ислеп шығарылған өнимлерине туўры келиўи (“Шымбай Дән” ЖШЖ, “Ланэкстракт” қоспа кәраханасы  ҳәм “Шымбай Май инвест” кәрханалары);

– аймақлық санаат өнимлери көлеми 249,4 млрд. сўмды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
107,4 процентти, республикадағы үлеси 2 процент;

– тутыныў товарлары көлеми 173,1 млрд.сўмды қурап, өткен жыл усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
110,2 процентти, республикадағы үлеси 5,7 процент;

– аўыл хожалығы тараўында 1 трлн. 82,3 млрд. сўмлық өним өндирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 102,4 процентти, республикадағы үлеси 8,1 процент;

– қурылыс жумыслары 141,0 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
124,3 прпоцентти, республикадағы үлеси 2,7 процент;

– хызметлер көлеми 302,3 млрд. сўм болып, өткен жылдың
усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 112,3 процентти, республикадағы үлеси 3,0 процент;

– усақлап сатыў көлеми 393,3 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
111,8 процентти, республикадағы үлеси 3,6 процентке орынланыӯы күтилмекте.

“Ҳәким жәрдемши”лери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл
3-декабрь күнги “Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-31-санлы қарары бойынша бүгинги күнде районымызда ҳәр бир ҳәким жәрдемшисине жумыс алып барыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

 “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен үйме-үй (хонаданбай) жүрип сораўнама өткериў нәтийжесинде жәми 22 мәҳәлледеги
20414 хожалық хатлаўдан өткерилип, 4 категорияға ажыратып алынды.

Халықтың бәнтлигин тәмийнлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша 4 957 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Атап айтқанда, 1831 пуқара турақлы жумысқа орналастырылды, 1138 пуқара мәўсимли ҳәм жәмийетлик жумысларға, 1988 пуқара ѳзини-ѳзи бәнт етиӯ, 975 пуқара кәсип-ѳнер ҳәм исбилерменлик кѳнликпелерине ийе болыў ушын оқыўға жиберилди.

Сондай-ақ,1942 шаңарақ исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын 44,6 млрд. сўм кредит ҳәм де 318 пуқара исбилерменликке тартыў, оларға мийнет қураллары ҳәм әсбап үскенелерин алып бериў ушын 2,3 млрд.сўм субсидия ажыратылды. Соның менен бирге есабат дәўиринде жәми
674 жаңа исбилерменлик субъектлери шѳлкемлестирилди. Мәҳәллелерде 11 лидер исбилерменлерге кооперация тийкарында 205 пуқара ағза болып тигиўшилик ҳәм ѳнерментшилик бағдарында жумыс пенен бәнт етилди.

Буннан тысқары, мәҳәллелерде инвестиция бағдарламасына киритилмеген ҳәким жәрдемшилери бақлаўында болған санаат, хызмет кѳрсетиў бағдарындағы 64 киши жойбарлар иске түсирилиўи нәтийжесинде 339 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Ҳәким жәрдемшилери тәрепинен хатлаў нәтийжесинде анықланған ҳақыйқый жағдайдан келип шығып, усы машқалаларды сапластырыў бойынша “Мәҳәллебай” ислеў системасы тийкарында жыл жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын ислердиң “Жол карта”сы исленди.

Усы “Жол карта” тийкарында бүгинги күнде жәми
674 жаңадан исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилип, өз искерлигин баслады (соннан, 472 жеке тәртиптеги ҳәм
202 юридикалық исбилерменлик субъектлери).

Атап айтқанда:

– шаңарақ исбилерменлигин раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 1942 юридикалық ҳәм физикалық шахсларга
44,6 млрд. сўмлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды;

– халыққа исбилерменлик ҳәрекетин баслаў, кәсип-өнерге оқытыў, қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў, ѳзин-ѳзи бәнт еткен пуқараларға әсбап-үскенелер алып бериў киби иләжлар ушын
318 пуқараға 2,3 млрд. сўмлық субсидия ажыратылды.

– аўыллық жерлердеги халықтың, әсиресе “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Ҳаяллар дәптери”ндеги мүтәжлиги бар болған пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде
604 лотқа бөлинген 388,7 гектар жер майдан электрон таңлаўға қойылып, 522 пуқара 306,8 гектар жер майданларының таңлаў жеңимпазы болды;

–  шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде
124 хожалықта 613 бас қой-ешки, 13 хожалықта
74 бас қус, 2 хожалықта 15 бас қоян бағылыўы жолға қойылды;

– исбилерменликти баслаў нийетинде болған жумыссыз халықтан жәми 975 пуқара, соннан, 680 пуқара кәсип-ѳнерге ҳәм 295 пуқара исбилерменлик кѳнликпелерине оқытылды;

2023-жыл әмелге асырылатығын жумыслар.

Биринши, усы жылда 5200 жумыс орынларын жаратыў. Атап айтқанда, 3016 жумыс орны саўда ҳәм сервис бағдарында, 194 ѳнерментшилик бағдарында ҳәм
1990 исбилерменликти раўажландырыўды шѳлкемлестириў есабынан.

Екинши, шаңарақ исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 55 млрд. сўм жеңиллетилген кредит ажыратылыўы есабынан 2200 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў.

Үшинши, 12 бағдар бойынша 3,0 млрд. сўмлық субсидиялар ажыратылыўын тәмийинлеў.

Тѳртинши, мәҳәллелердеги “лидер” исбилерменлер менен кооперация жойбарларын әмелге асырып, 310 кем дәраматлы ҳәм жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў.

Бесинши, мәҳәллелерде халықтың мүтәжлигинен келип шығып, усы жылда аймақларда 2 санаат, ѳнерментшилик ҳәм касанашылық микроорайларын шѳлкемлестириў илажларын кѳриў, усы жойбарды иске түсириў есабынан 20 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў.

Алтыншы, мәҳәллелерде бос турған имаратлардан үнемли пайдаланыў,  қурылысы жуўмақланбаған объектлерде қурылыс жумысларын ақырына жеткериў хәм исбилерменлик жойбарларын жайластырыў, аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларын анықлап, оларды аукцион саўдалары арқалы исбилерменлерге сатылыўын тәмийинлеп, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы 150 жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў.

Жетинши, ҳәр ҳәпте жуўмағы менен “қанатландырарсыз” деп табылған мәҳәллелердеги шараятларды жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды сынға алып додалаў.

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Инвестиция тараӯы бойынша

2022-жылы районымыздың санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы 49,0 млрд. сўмлық 61 жойбарды әмелге асырыў ҳәм
1013 жумыс орнын жаратыў белгиленген болып, әмелде
42,5 млрд сўмлық 66 жойбар әмелге асырылды ҳәм 916 жумыс орынлары жаратылды. Соннан:

– санаат тараўында 18,1 млрд сўмлық 23 жойбарда
382 жумыс орны;

– хызмет көрсетиў тараўында 22,8 млрд сўмлық
38 жойбарда 467 жумыс орны;

– аўыл хожалығы тараўында 1,6 млрд сўмлық 5 жойбарда
67 жумыс орны жаратылды.

2023-жылда санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў бойынша улыўма баҳасы
344,4 млрд сўмлық 89 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 991 жумыс орнын жаратыў белгилеп алынды. Соннан:

– санаат тараўында 21 млрд. сўмлық 21 жойбарда
402 жумыс орны;

– хызмет көрсетиў тараўында 114,8 млрд. сўмлық
61 жойбарда 512 жумыс орны;

– аўыл хожалығы тараўында 13,7 млрд. сўмлық
7 жойбарда 77 жумыс орны жаратылады.

Экспорт бойынша

2022-жылда район бойынша жәми 5 млн. 771 мың АҚШ долларлық өнимлер экспортқа шығарылып, соннан, санаат өнимлери 5 млн. 618 мың АҚШ доллар, мийўе-палыз өнимлери 153 мың долларды қурайды.

2023-жылда жәми 5 млн. 650 мың долларлық өнимлерди экспортқа шығарыў прогнозы белгиленген болып, соннан, санаат өнимлери 5 млн. 350 мың доллар, мийўе-палыз өнимлери
300 мың долларды қурайды.

Сырт ел инвестициялары шеңберинде

2022-жылда жәми 3 млн. 70 мың долларлық сырт ел инвестицияларын өзлестириў прогнозы белгиленген болып, әмелде 3 млн. 74 мың долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилди. 2023-жылда бул көрсеткишлерди 1,5-2 есеге асырыў илажлары көрилмекте.

Жаңадан шөлкемлестирилетуғын киши бизнес субъектлери санын көбейтиў, олардың экономикадағы үлесин асырыў мақсетинде 2022-жыл даўамында жәми 544 исбилерменлик субъектлеришөлкемлестирилди. Соннан жеке исбилерменлик субъектлери саны 342 болған болса202юридикалық субъектлер есапланады.

Жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша 589 пуқара оқытылды.Соннан,  тигиўшилик жөнелисине 297 пуқара, компьютер саўатқанлығы
110 пуқара, Нөкис қаласында транспорт техникумы қурылыс тараўында 53 пуқара, 68 пуқара Нөкис қаласы Ишга марҳамат мон орайына азпазлық ҳәм балалар массажы  косметолог ҳаяллар шаштарезханасына ҳәмде 68 пуқара устаз шәкирт усылында өнерментлерге  оқытылды.

Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде жәми 2219 пуқараларға 50 млрд
585 млн
. сўмлық кредит берилди.

Соннан: “Ҳәр бир шаңарақ исбилермен” дәстүри тийкарында 2151 пуқараларға 48 млрд. 982 млн сўм, “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелерин қоллап-қуўатлаў” жамғармасынан 40 пуқараларға 1 млрд. 332 млн сўм, “Өнерментшиликти раўажландырыў”ға 2 пуқараға 55 млн сўм ҳәм “Ҳаял қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў” жәмаат фонды есабынан 26 пуқараларға 215,5 млн сўмлық кередитлер ажыратып берилди.

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Қурылыс тараӯы бойынша

Шымбай районында мәмлекетлик бағдарламаларға муўапық 2022-жылы 48 объектте жәми 118 млрд. 450 млн. сўмлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, бүгинги күнде бир қанша қурылыс жумыслары жуўмақланды ҳәм алып барылмақта.

Сондай-ақ, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» ҳәм «Инвестиция» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша район аймағында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў белгиленди.

Соннан 7 дана социаллық тараў объектлерине 18 млрд. 545 млн. сўмлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў белгиленип. (Соннан 4 дана мектеп, 2 дана балалар бақшасы ҳәм 1 дана аўыллық шыпакерлик пункти имараты) бүгинги күнде 17 млрд. 450 млн. сўмлық жумыслар әмелге асырылды.

Инфраструктура объектлеринен

– 45,7 км. ишимлик суў ҳәм 1 дана суў иншаатына 11 млрд. 893 млн сўмлық реконструкция ҳәм жаңадан тартыў жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде 45,7 км ишимлик суў тармағы 10 млрд. 755 млн. сўмлық жумыслар орынланды.

  • 47,5 км электр тармақларын тартыў, 15 дана трансформатор пунктлери ҳәм де 1200 дана таяныш бағаналарын қурыў ушын 3 млрд. 955 млн. сўмлық модернизация қылыў ҳәм орнатыў жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде
    1 млрд. 439 млн. сўмлық 5,1 км электр линиялары,
    12 трансфоматор ҳәм де 1147 дана таяныш бағаналары орнатылып жумыслар даўам етпекте.
  • 41,2 км. узынлықтағы республика әҳмийеттеги ҳәм ишки хожалық жолларына 31 млрд. 228 млн сўмлық оңлаў жумысларын алып барыў, сондай-ақ, район аймағындағы 10 км.ге шамалас жолларға қара қаплама (асфальт), 4,5 км жолларға бетон қапламасы ҳәм буннан басқа да қәўендер қаржылары, ашық бюджет порталы арқалы райондағы 70 км.ден аслам топырақ жолларға қум шағал араласпасын төсеў жумыслары алып барылды.

Соның менен бир қатарда Ирригация ҳәм мелиорация тармақларын жақсылаў бойынша “Кегейли” каналына 5 млрд.
780 млн.
(0,9) сўмлык бетонлаў жумысларын алып барыў белгиленип; соннан бүгинги күнде 0,5 км. 2 млрд. 739 млн. сўмлық қазыў жумыслары алып барылды.

“Майжап” каналына  3 млрд. сўмлық (6км) реконструкция жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде 5,5 км
2 млрд. 868 млн. сўмлық жумыслары;

“Қараөзек” ҳәм “Шымбай” районлар ара “Бесжап” каналына 1 млрд. 27 млн. сўмлық (8,5км) реконструкция жумысларын алып барыў белгиленип, соннан бүгинги күнде
5 км 1 млрд. 55 млн. сўмлық жумыслары;

Шымбай районы К-1-У колектор тармақларына 1 млрд.
934 млн
сўмлық (6,6км) оңлаў тиклеў жумыслары алып барыў белгиленип, бүгинги күнде 1 млрд. 745 млн. сўмлық жумыслары толық орынланды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Шымбай районын 2021-2022-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳаққындағы (326-санлы 04.05.2021ж) президиум қарары тийкарында 35 млрд. 980 млн. сўм қаржы ажыратылып, 14 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. (Соннан Медицина бирлеспеси, Ашық театр, Стадион, Жаслар орайы, Жаслар аллеясы, Мәденият үйи, Ҳәсиретли ана, Курант, Стелла).

Жоқарыда атап өтилген қурылыс жумыслары менен бир қатарда Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрь күнги
«2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы
ПҚ-408-санлы қарарына муўапық районда 34,8 км ишки жолларды оңлаў, 37,2 км. ишимлик суў тармақларын жаңадан тартыў ҳәм реконструкция қылыў, 5,4 км. электр тармақларын заманагөй сип кабелине алмастырыў ҳәм де 2 км. түнги жақтыландырыў үскенелерин орнатыў ушын республика бюджетинен 22 млрд. 296 млн. сўм қаржы ажыратылып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Бүгинги күнде районымызда жаслар саны 58020 болып, соннан 18-30 жастағы жаслар саны жәми 23883 қурайды.

Усы күнге шекем район бойынша жәми 723 жасларға
17 млрд. 157 млн. сўм кредитлер ажыратып берилди. Соның менен бирге сораўнама өткериў нәтийжесинде анықланған
2118 жумыссыз ҳәм машқаласы бар болған жаслар “Жаслар дәптери”не киритилди. Бүгинги күнде 2048 жас «Жаслар дәптери»нен шығарылды.

Соннан: Бәнтлиги тәмийинленген 792, жер ажыратылып берилгенлер жаслар 327, жеңиллетилген кредит берилгенлер 723, социаллық жақтан жәрдем берилгенлер 185, субсидия ажыратылғанлар 404, устаз-шәкирт усылында бириктириў арқалы 40, шет мәмлекетлерге рәсмий түрде жумысқа жиберилгенлер
192, айдаўшылық гүўалығы берилгенлер 163, жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде 3, басқа да жөнелислерде 2 жасқа жәми 2048 жасқа жәрдемлер берилип жаслар дәптеринен шығарылды.

Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өз исбилерменлигин баслаў нийетинде болған 415 жас 48 саатлық оқыў курсларында оқытылып сертификатлар берилди.

Бүгинги күнде «Жаслар жамғармасы»нан жәми
991,2 млн.
сўм жумсалды.

Кейинги жылларда елимизде туризм экономиканың стратегиялық тармақларынан бири сыпатында тезлик пенен раўажланбақта. Шымбай районы аймағында 9 мәдений мийрас объектлери бар болып, олардан 6 монументал көркем-өнер объектлери ҳәм 3 зыярат орынлары, соннан 5 дыққатқа ылайық районымызға келген туристлерге хызмет көрсетпекте.

Районымызда 2022-жыл даўамында мәҳәллелер,
мәкеме-шөлкемлер, жаслар арасында 175 жарыс өткерилип, жәми 26850 түрли жас қатламдағы халық қамтып алынды.

Билимлендириӯ мәкемелеринде жәми 19640 оқыўшылар тәлим алып атырған болса, соннан 8421 ы спорттың 22 түринен 265 спорт секциялары ислеп тур.

Атап айтқанда, бүгинги күнде районымызда 88 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери бар болып, соннан
30 мәмлекетлик, 7 мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилик тийкарындағы ҳәм 51 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта.

Районда 3-7 жастағы балалар саны усы жылдың 1-январь жағдайына 9540 бала болып, соннан 6645 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынып, район бойынша қамтып алыў дәрежеси 70,5 процентти қурайды.

Районлық Медицина бирлеспесинде 350 емлеӯ орынлығы бар болып, соннан 100 орынлық төлемли емлеӯ орынлығына ийе. Ҳәр бир 10000 адамға койка менен тәмийинлениӯи 31,1 проценти қурайды. Районлық Медицина бирлеспесине бүгинги күнге келип жәми 3 млрд 148 млн. сумлық ири оңлаӯ жумыслары алып барылып, 90 пайыз жумыс көлеми орынланды.Атап айтқанда, компютертамаграфия ханалары, автоклав, гемодиалез үскенелери алып келинди.

Бүгинги күнде Майыплар жәмийетинде 3430 майып есапта турады. Райондағы 82 майып ҳәм пенсионерге майыплар арбашасы, 41 еситиӯ аппараты, 122 ҳасса таяқ, 24 майыпқа қолтық таяқ,8 майыпқа көзи әззилер ҳассасы, 5 майыпқа тирсекли таяқ, 5 майып ходунок пенен бийпул тәмийинленди. Сондай-ақ, район аймағындағы 186 майып ҳәм пенсионерлерди санаторияларға  бийпул жолламалар берилди.

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин күшейтиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып өтетуғын болсам, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 7-март күнги 87-санлы Пәрманына тийкар бүгинги күнде ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге оқытыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Өткен 2022-жыл даўамында
2106 жумыссыз ҳаял-қызлар дизимге алынып соннан,  791 ҳаял-қызлар турақлы жумыс орынларына, 54 ҳаял-қызлар квоталанған жумыс орынларына ҳәм де 821 ҳаял-қызлар ҳақы төленетуғын жәмийетшилик жумысларға орналастырылды.

Сондай-ақ, 2022-жыл жыл басынан район бойынша жәми 1120 ҳаял-кызларға 22 млн. 885 мың сумлық кредитлер ажыратылды. 284 ҳаял-кызларға субсидия тийкарында тигиў машыналары берилип, өзин-өзи бәнт етти.

146 ҳаял-қызлар кәсип-өнерге қайта оқытылды. Ҳаял-қызлар исбилерменлик орайында болса, 337 ҳаял-қызлар тигиўшилик, гөззаллық салоны, аспазлық ҳәм исбилерменлик тийкарлары бойынша оқытылып, соннан, бүгинги күнде 44 ҳаял-кызға жеӊиллетилген кредитлер ажыратылған болса, 10 ҳаял-қызға әсбап-үскене ушын субсидиялар ажыратылып, өзин-өзи бәнт етиўи тәмийинленди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2021-жыл 6-декабрь күнги “Үй-жайға мүтәжлиги болған ҳаял-қызларды үй-жай менен тәмийинлеў ҳәм де Ташкент қаласында баспанасыз, аўыр социаллық турмыс шараятына түсип қалған пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў ис-илажлары ҳаққында”ғы 737-санлы Қарарына муўапық район  “Халқпарвар” комиссиясы тәрепинен үй-жайға мүтәж пуқаралардың жасаў шараятлары үйренилип 10 ҳаял-қыз  ўақтыншалық ижара ҳуқықы тийкарында социаллық үй-жайларға жайластырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2021-жыл 3-июнь күнги “Жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекет гранты тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныснама бериў ҳәм оларды оқыўға қабыллаўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы 402-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район аймағынан жәми 164 ҳаял-қызға усыныснама берилди. Берилген усыныснама тийкарында 11 ҳаял-қыз мәмлектлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. Соның менен бирге жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ата-анасының қарамағынан айрылған 9 қыздың контракт төлемлери төлеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң
2022-жыл 9-июнь күнги “Қәнигелиги бойынша кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған ҳаял-қызларды мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 322-санлы қарарына муўапық район бойынша жәми 165 ҳаял-қыздың ҳүжжетлери қабыл етилип, соннан 163 ҳаял-қызға Нызам талаплары тийкарында усыныснамалар берилди.

“Темир дәптер”ге киритилген шаңарақлар, оларды
қоллап-қуўатлаў ҳәм камбағаллықтан шығарыў бойынша көрилген илажларды айтып өтетуғын болсақ, халқымызды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жәмәәтшилик тийкарында «Сақаўат ҳәм көмек» жамғармасы шөлкемлестирилди. Жамғарма қаржылары есабынан социаллық-қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған 63 шаңараққа 2 бас ылақлы ешкилер алып берилди, 33 шаңараққа 37 млн. 500 мың сўм муғдарында бир мәртелик пул қаржылары, 75 шаңараққа
174 млн. 230 мың сўмлық дәри-дармақ, 27  шаңараққа
111 млн. 520 мың сўм пластик карточкаларына өткерилип берилди, 25 шаңарақтың коммунал төлемлери ушын 22 млн.
595 мың
сўм жәми 140 шаңараққа 182 млн. 217 мың сўм муғдарында жәрдемлер көрсетилди.

ϴзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң
2022-жыл 31-март күнги “Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм системалы тәризде шешиў дизимин жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы145-санлы қарарына тийкар социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәжлиги болған ҳаял-қызларды қоллап-қуӯатлаӯ бағдарындағы жумысларды даӯам еттириӯ мақсетинде 2022-жыл “Ҳаяллар дәптери”ниң 3-басқышына 1836 ҳаял-қыз төмендеги жөнелислер бойынша

1-жөнелис: Социаллық қорғаўға мүтәжлиги болған жумыссыз ҳаял қызлар 740;

2-жөнелис: Исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде болған мүтәж ҳаял-қызлар 206;

3-жөнелис: Бағыўшысы болмаған ҳаял-қызлар  369;

3,1-жɵнелис Үй-жайы ремонтлаўға мүтәжлиги болғанҳаял-қызлар 31;

4-жөнелис: Социаллық жәрдемге мүтәж 1-2-топар майыплығы болған, сондай-ақ медициналық жәрдемге мүтәжҳаял-қызлар 279;

4,1-жɵнелисҮй-жайы ремонтлаўға мүтәж ҳаял-қызлар 14;

5-жөнелис: Турақ-жайға мүтәжлиги болған ҳаял-қызлар 46;

5,1-жɵнелис Үй-жай менен тәмийинленетуғын ҳаял-қыз 16;

5,2-жɵнелис Ижара компенсация пулы тɵлеп берилетуғын ҳаял-қызлар 30;

6-жөнелис: Қарамағында майып перзенти болған мүтәж ҳаял-қызлар 196 жәми 6 жөнелис бойынша 1836  ҳаял-қыз “Ҳаяллар дәптери”не киритилди.

“Ҳаяллар дәптери” жамғармасы есабынан бағыўшысы   жоқ мүтәжлиги болған 369 ҳаял қызға ҳәм де қарамағында майып перзенти болған 196 ҳаял-қызға, социаллық қорғаўға мүтәж,
I ҳәм II топар майыплығы болған279ҳаял-қызға базалық есаплаў муғдарының 4 есеси муғдарында 844 ҳаял-қызға, жәми
980 млн. 520 мың сўм муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары берилди.

Исбилерменлик пенен шуғыланыў нийетинде болған
206 ҳаял-қыздан,198 ҳаял-қызға 1 млрд. 776 млн сўм муғдарында кредитлер ажыратылды. Турақ-жайға мүтәж болғанжәми 16 ҳаял-қыздың, 10 ҳаял-қызы социаллық үй-жайға, 6 ҳаял-қыз қәўендерлер тәрепинен турақ-жайлар менен тәмийинленди, 30 ҳаял-қыздың ижара конпенсациясы төлеп берилди, тамарқасынан пайдаланыўшы 17 ҳаял-қызға районлық фермерлер кеңеси ҳәм қәўендерлер тәрепинен жәрдемлер берилди.

 

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Аўыл хожалығы тараўында фермер ҳәм дийқанларымыздың мәплерин асырыў, тараўға алдынғы технологияларды ҳәм кластер тизимин енгизиў бойынша районымызда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

2022-жыл зүрәәти ушын райондағы 223 фермер хожалықлары тәрепинен 5000 гектар майданға шигит егилип, режедеги 13230 тонна орнына 13242 тонна (100,1 %) пахта өними орташа 22,9 центнерден жетистирилди.

Сондай-ақ, 2022-жыл зүрәәти ушын  райондағы 143 фермер хожалықлары тәрепинен 3450 гектар майданға гүзлик бийдай егилип, режедеги 4750 тонна бийдай өними орнына 4790 тонна (100,1%) бийдай өними 15 центнерден тапсырылды.

Районда 2022-жылда пайдаланыўдан шыққан 1650 гектар жер майданлары қайта пайданланыўға киритилди ҳәм 2023-жыл ушын 2000 гектар пайдаланыўдан шыққан майданларды қайта пайдаланыўға киритиў ҳәм азықлық, от-жем егинлерин егиў режелестирилди.

Район бойынша 2022-жыл зүрәәти ушын 17725 хожалықтың 2858 гектар егислик жер майданлары болып, соннан, 56 гектар август-сентябрь пияз ҳәм чеснок егинлеринен 842 тонна,
2801 гектар ерте писер егинлеринен 36 439 тонна ҳәм 436 гектар орта писер егинлеринен 5727 тонна өним алыўға ерисилди.

2022-жылда 283 дана ыссыхана қурыў режелестирилип, бул жумыслар 100 пайызға толығы менен орынланды. Районда кем тәмийинленген жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жеңил конструкциялы ыссыхана қурыў режелестирилмекте.

Тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлерин резервке топлаў, сақлаў бойынша жами 2181 тонна (гүриш 717 тн, картошка 498 тн, пияз 323 тн, гешир 643 тн)тонна сақлаў режелестирилип, бүгинги күнде 2303 тонна ғамлаўға ерисилди.  (соннан: гүриш 837 тн, картошка 499 тн, пияз 324 тн, гешир
643 тн)

2022-жылда 555 гектар майданға тамшылатып суўғарыў режелестирилген соннан 400 гектар майданға пахта, 75 гектар майданға бағ, 50 гектар майданға жүзим, 30 гектар майданға басқа егинлерди тамшылатып суўғарыў бойынша реже белгиленген. 100 гектар майданға жамғырлатып суўғарыў режелестирилген. 2000 гектар майданға жерлерди лазерли тегислеў реже белгилеп алынып бул жумыслар олығы менен орынланды.

Гүз-қыс мәўсиминде 55 км мелиоратив тармақларда
коллекторларды оңлаў хәм тиклеў жумыслары 7 дана техника
(6 дана экскаватор, 1 дана бульдозер) қатнасыўы режелестирилди. Бүгинги күнде режелестирилген 2 объектте коллекторларды оңлаў хәм тиклеў жумыслары басланды. Усы күнге шекем 4,5 км узынлықта  оңлаў хәм тиклеў жумыслары алып барылды.

Азық-аўқат қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ мақсетинде Шымбай районы бойынша 2020-2022-жылларда жәми 66,3 млрд. сўмлық 21 жойбарлардың иске түсирилиўи ҳәм жаңадан 213 жумыс орынлары жаратылыўы белгиленген. Бүгинги күнде 4 млрд.
151 млн.
сўмлық 10 жойбар иске түсирилди ҳәм жаңадан
81 жумыс орны жаратылды. Бул жойбарлардың әмелге асырыўда комерцияллық банклер тәрепинен 42 млрд. 910 млн. сўм кредит ажыратылыўы белгиленген болса, бүгинги күнде 41 млрд.
930 млн.
сўм муғдарында кредит қаржылары ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрь күнги “Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўларын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы 4512-санлы қарарына тийкар 2022-жылда жәми 11 млрд.
950 млн.
сўмлық, соннан банк кредити 8 млрд. 100 млн. сўмлық
4 инвестиция жойбарлары әмелге асырылыўы 31 жаңа жумыс орынлары жаратылыўы жумыслары әмелге асырылды.

 

 

 

Ҳүрметли депутатлар, Сессия қатнасыўшылары!

Улыўмаластырып айтқанда жоқарыдағы атап өтилген район аймағында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың ҳәм өзгерислердиң тийкарында халықтың мәпи, олардың бәнтлиги ҳәмде турақлы дәрамат дерегине ийе болыў сондай-ақ, мәмлекет бюджетине төлемлерди көбейтиў тийкарғы мақсетимиз есапланады.

Мине, ҳүрметли депутатлар ҳәм сессия қатнасыўшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери сизлер менен биргеликте     2022-жыл жуўмақларына бағышланған Шымбай районының социал-экономикалық көрсеткишлери, халқымыздың турмыс абаданшылығын тәмийинлеў бағдарындағы көлемли
ис-илажлардың барысы ҳаққында кең түрде есабат бердик.

Әлбетте, бул илажларды буннан былай да нәтийжели әмелге асырыўда сизлер менен биргеликте алып барылатуғын жуўапкерли ўазыйпалар турыпты.

Мен ойлайман, халқымыздың турмыс дәрежесин және де көтериў, районымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўына өзимиздиң үлесимизди қосып, мақтаныш сезимлеримиз бенен жасап,  Журтбасшымыздың исенимин ақлап,  жүклетилген тапсырма ҳәм ўазыйпаларды инабатлы орынлаўда бәршеңизге күш-қуўат ҳәм табыслар тилеймен.

 

Дыққатларыңыз ушын рахмет!

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content