Шымбай районында 11-октябрь «Халықаралық қызлар күни» белгиленди

Шымбай районында 11-октябрь «Халықаралық қызлар күни» белгиленди

11.10.2021 11:13:29 187 Баспаға шығарыў

11-октябрь «Халықаралық қызлар күни» мүнәсибети менен Шымбай районы «Май жап» аўыл пуқаралар жыйынында форумның ашылыўы мәресими болып өтти. Илажлар даўамында қызлар қатнасыўында спорттың веломарафон жарысы ҳәм де спорт тараўында жоқары жетискенликлерге ерискен Азия чемпионаты жеңимпазлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Сондай-ақ ушырасыў даўамында көп жыллық мийнет ҳәм турмыс тәжирийбесине ийе устаз нураныйлар менен сәўбетлесиў өткерилди.

Күнниң екинши ярымында спорттың волейбол ҳәм шахмат, шашка түрлери бойынша жарыс шөлкемлестирилди. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Район аймағында  форум илажларының өткерилиўи даўам етпекте.

Пайдалы ресурслар
Skip to content