Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы  болып өтти

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы  болып өтти

09.09.2021 09:08:50 234 Баспаға шығарыў

Бүгин 08.09.2021-жыл  Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги жигирма сегизинши сессиясы болып өтти.

Сессияда районлык сектор басшылары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары ҳәмде районлық Кеңес депутатлары қатнасты.

Сессияны район ҳәкими, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы А.Тажетдинов басқарып барды.

Сессияда 1- Қаракалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзасы С.Утемуратова  баянат жасады.

Сессия күн тәртибинде

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине босаған орынларға 2021-жыл
22-август күни болып өткен сайлаў нәтийжелери ҳаққында.
Шымбай районы аймағынан дүзилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши участкалық сайлаў комиссияларының қурамы бойынша усыныс бериў ҳаққында.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзийоев басшылығында 2021-жыл 23-июль күни “Пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў системасын пүткил жаңа басқышта шɵлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында” кеңейттирилген тәризинде болып ɵткен видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўы ҳаққында.
“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Шымбай районлық бөлими жанындағы “Сақаўат ҳәм көмек” қоры есап бетине келип түскен қаржыларды жумсаў ҳаққында.
Районда “Ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызлар менен алып барылып атырған жумыслар ҳәмде алда турған ўазыйпалар ҳаққында.
Халық депутатлары районлық Кеңесиниң Регламенти ҳәмде Халық депутатлары районлық Кеңесиниң турақлы комиссиялары туўрысындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында.
Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси турақлы комиссияларын дүзиў ҳәм жеке қурамын тастыйықлаў ҳаққында.
Шымбай районы жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.

 

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли жуўапкерлердиң баянатлары тыңланды ҳәм депутатлар тәрепинен усыныслар киритилди ҳәмде сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли шешимлер қабыл етилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content