Усы жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәмде усы жылдың жуўмағына шекем әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында есабаты.
Мәмлекетимиз тәрепинен қыйын пандемия шәраятында экономикалық тармақларды ҳәм исбилерменлик субъектлеримизди кеңнен қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде аймағымызда экономикалық турақлылықты, ислеп шығарыў ҳәм жумыс орынларын сақлап қалыўға ерисилди.
Яғный, 1-ярым жыллық жуўмағы менен аймақлық санаат өнимлери көлеми 120,0 млрд. сўмды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 150,3 пайызды, Республикадағы үлеси1,5 пайызды қурайды;
– тутыныў товарлары көлеми 64,8 млрд. сўмды қурап, өткен жыл усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 101,6 пайызды, Республикадағы үлеси 5,7 пайызды қурайды;
-аўыл хожалығы тараўында 285,8 млрд. сўмлық өним өндирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 103,0 пайызды, Республикадағы үлеси 9,9 пайызды;
– инвестиция өзлестириў көлеми 89,4 млрд. сўмға орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
123,4 пайызды, Республикадағы үлеси 3,1 пайызды;
-қурылыс жумыслары 46,2 млрд. сўмлық көлемге орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси
113,2 пайызды, Республикадағы үлеси 2,3 пайызды;
-жәми хызметлер көлеми 104,3,0 млрд. сўмды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 132,2 пайызды, Республикадағы үлеси 2,8 пайызды;
-усақлап сатыў көлеми 129,1 млрд. сўмлық көлемге орынланып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 113,4 пайызды, Республикадағы үлеси 3,8 пайызға өсиўи тәмийинленди.
Аймақлық дәстүрлердиң орынланыўын тәмийинлеў арқалы усы жылдың жуўмағына шекем жоқарғы экономикалық өсиў пәтлерине ерисиў бойынша анық ис-илажларды белгилеп алғанбыз.
Сондай-ақ, жыл жуўмағы менен аймақлық санаат өнимлерин көлеми 125,0 пайызға, аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми
103,7 пайызға, инвестиция көлеми 103,1 пайызға, қурылыс көлеми 103,1 пайызға, жәми хызметлер көлемин 119,6 пайызға, усақлап сатыў көлемин 105,6 пайызға өсиўи тәмийинлеўдиң илажлары көриледи.
Усы көрсеткишлерге ерисиў мақсетинде:
Бириншиден, 2021-жыл жумағына шекем улыўма баҳасы
177,5 млрд. сўмлық 16 инвестиция жойбарларын иске түсириў
ҳәм 391 жаӊадан жумыс орынларын жаратыў белгиленген. (Бюджетке қосымша түсим 1 млрд. 279 млн. сўм).
Соннан, бүгинги күнде баҳасы 5 млрд. 290 млн. сўмлық
8 жойбар иске түсирилди ҳәм 29 жаӊадан жумыс орынлары жаратылды.
Екиншиден, зәрүр тараўлардан бири санаат тараўында
4 жойбарға 106,3 млрд. сўмлық инвестициялар өзлестирилип, жаӊадан 227 жумыс орынлары жаратылады. (Бюджетке қосымша түсим 762 млн.сўм).
Амелде, 1-июль жағдайына баҳасы 400 млн. сўмлық
1 жойбар иске түсирилди.
Үшиншиден, Экспорт көлеми январь-июнь айларында
5,8 млн. долларлық өнимлер экспортқа шығарылып, прогноз
175 пайызға орынланды.
2021-жыл жуўмағына шекем экспорт көлеми 9 млн. долларға
(126%) жеткериледи.
Төртиншиден, 1-июль жағдайына 1,4 млн. долларлық
туўрыдан-туўры сырт ел инвестициялар ҳәм кредитлер өзлестирилип, реже 159 пайызға орынланды.
Сырт ел инвестициялар көлеми жыл жуўмағына шекем
2,5 млн. долларға (178%) жеткериледи.
Бесиншиден, халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын тәмийинлеў ҳәм баҳалардың тийкарсыз аспаўына жол қоймаў мақсетинде:
– Фермер хожалықлары тәрепинен 3 мың 223 гектар тийкарғы майданларға (соннан, 375 га Савзабот, 125 га Картошка, 310 га Палыз, 1854 га Майлы егинлер, 509 га Мәш егинлери егилди) ҳәм бағ жүзимзар аралығына 50 гектар
азық-аўқат өнимлери егилди;
– барлық тайпадағы хожалықларда жәми 357,1 гектар майданда бағ ҳәм 110,7 гектар майданда жүзимзарлар бар болып, усы майданлардан 2878 тонна мийўе ҳәм 772 тонна жүзим өнимлери жетистириледи;
– сондай-ақ, бүгинги күнге шекем 922 гектар жер майданлары қайта өзлестирилген болса, жыл жуўмағына шекем 1078 гектар жерлер пайдаланыўға киритиледи.
Быйылғы жылы район бойынша 166 фермер хожалықлары тәрепинен 200 коробка грен қуртының туқымлары
166 пиллекешлер жәрдеминде күтимли бағылып 11 тонна пилле өними жетистирилип Республикада алдағы орынларда орынланды.
Районда 2021-жыл зүрәәти ушын 220 фермер хожалықлары тәрепинен 3900 гектар майданға гүзлик бийдай егилип, дән кәрханасы менен 5630 тонна бийдай (4655 тн товар дән, 975 тн туқымлық дән) тапсырыў бойынша “Абди Есен” кластер тәрепинен мәмлекетке контрактация шәртнамалары дүзилди.
Районда быйылғы жылы 5751 гектар майданға 240 фермер хожалықлары тәрепинен пахта шийки заты өнимин жетистириў ушын “Кегейли-Шымбай агрокластер” ЖШЖ ортасында контрактация шәртнамалары дүзилип пахта шигити егилди.
Районда егилген ғаўаша майданларынан толық нәл алынып, қатар араларына ислеў бериў жумыслары, яғный 3 мәртебе культивация (14465 гектар), 2 мәртебе терең жумсартыў
(11502 гектар), 3 мәртебе отақ ҳәм жабайы шөплерден тазалаў (17253 гектар), бир мәрте минерал төгинлер менен азықландырыў, 3 мәртебе жапырақтан азықландырыў (суспензия) ҳәм 872 гектар майданларда суўғарыў жумыслары алып барылмақта.
Районда 2021жыл зүрәәти ушын фермер хожалықлары тәрепинен тийкарғы майданларға овощ, палыз ҳәм картошка егинлерин егиў режелестирилип, соннан: бүгинги күнде 279 гектар овощ, 310 гектар палыз, 105 гектар картошка, 20 гектар бағлар,
38 гектар жүзимзарлар толығы менен егилди.
Бул майданлардан 5580 тонна овощ, 5120 тонна палыз,
1050 тонна картошка өнимлерин алыў белгилеп алынды.
Тамшылатып суўғарыў бойынша бүгинги күнде районда пахта шийки затын жетистириўде тамшылатып суўғарыу технологияларын еӊгизиў бойынша реже 1310 гектар болып, бүгинги күнде 13 фермер хожалық тәрепинен 520 гектар жер майданға 12,850 млрд сўм. 14 дана 265 гектарға Насос, филтр ва қувурлар монтаж қылыў жумыслары алып барылды.
284 гектар майдан электр-энергиясы менен тәмийинленди.
Алтыншыдан, Шымбай районында 2021-жылы Мәмлекетлик дәстүрлери тийкарында әмелге асырылатуғын қурылыс
ҳәм абаданластырыў жумысларына жәми 126,2 млрд. сўмлық жумысларды әмелге асырыўды реже қылғанбыз.
Жоқарыдағылар тийкарында, аймақлардағы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аўыллар ҳәм мәҳәллелердиң архитектуралық көринисин жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша быйылғы жылы төмендеги жумыслар әмелге асырылады.
Социалық тараў инфраструктурасын жақсылаў
(14.6 млрд сўм) шеңберинде 3 дана мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 2 дана мектепке ири ҳәм жеңил оңлаў жумыслары алып барылады. Соннан “Абат аўыл” дәстүрине кирген аймақларда 2 дана мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми (Оржап МПЖда 1 дана, Кызыл өзек АПЖда 1 дана) ҳәм 1 дана мектепте оңлаў (Кызыл өзек АПЖ 1 дана) оңлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Нәтийжеде, 4060 халыққа билимлендириў хызметин көрсетиў дәрежеси асады.
Атап айтқанда:
– 1 мектепте – 1,9 млрд.сўмлық;
– 1 бақшада – 0,9 млн.сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.
Ишки жолларды жақсылаў (16.2 млрд сўм) шеңберинде
15 аўыл ҳәм мәҳәлледе жәми 42,5 км жоллар оңланады, соннан,
8.6 км жолда асфальтбетон ҳәм 33,9 км топырақ жолларға шағал (ЩПС) жатқызыў жумысларын әмелге асырыў белгиленип, соның ишинде “Абат аўыл” дәстүрине кирген аймақларда 25,2 км топырақ жолларға шағал жатқызыў жумыслары режелестирилип, ҳәзирги кунде 2 аймақта 4,5 км ишки жоллар шағал жатқызылды. Режедеги жумыслардың жуўмақланыўы нәтийжесинде райондағы 5,8 пайыз ишки жоллардың жағдайының жақсыланыўына ерисиледи.
Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў тәмийнатын жақсылыў (13.9 млрд. сўм) бойынша район орайынан 10,2 км узынлықтағы 4,3 млрд. сўмлық орайластырылған канализация тармағын тартыў жумыслары 5 аўыл ҳәм мәҳәлледе жәми 51,5 км ишимлик суў тармағы ҳәмде 2 объект қурылып, реконструкция жумысларыў нәзерде тутылып, соның ишинде
“Абат аўыл” дәстүри тийкарында 25,3 км ишимлик суў тармағын тартыў белгиленип, бугинги кунде қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде, 18171 халықтың (3517 шаңарақ) ишимлик суў тәмийнатынан болған мүтәжликлери жақсыланды.
Электр тәмийнатын жақсылаў (6.7 млрд сўм) бағдарында районда жәми 46.7 км электр тармақларын жаңадан тартыў ҳәм модернизация жумыслары, 9 дана транформатор пунктлери орнатылып, 934 таяныш бағаналары жағдайы жақсыланады. Соннан “Абат аўыл” дәстүрине кирген аймақларда 2,6 км электр тармақлары, 2 транформатор пунктлери орнатылып ҳәм 100 дана таяныш бағаналары жағдайы жақсыланады. Нәтийжеде,
11 аўыл ҳәм мәҳәлле халқына (42257 халық) электр энергиясы турақлы жеткерип бериледи.
Газ тамийнатын жақсылаў (11 млнсўм) бойынша
“Абат аўыл” дәстүрине кирген Оржап МПЖ аймағында жәми
2 км газ тармақлары ҳәмде 4 газ бөлистириў пунктинде киши оңлаў жумыслары алып барыў белгиленип, ҳәзирги кунде 1 км трубалар тартиплетирилип, 2 дана газ бөлистириў пунктлери оңлаў жумыслары алып барылды.
Аймақларды абаданластырыў (944.4 млн сўм) шеңберинде “Абат аўыл” дәстүрине кирген мәҳәллелерде жәми 3,6 км пиядалар жоллары, 5 көшеде (3,6 км) түнги жақтыландырыў системасы жақсыланады.
Район орайының архитектуралық көринисин жақсылаў
(7,1 млрд сўм) шеңберинде 7,0 км пиядалар ҳәм велосипед жолларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылылады.
Халқты улыўмалық спортқа тартыў (595 млн. сўм) бойынша
7 аўыл ҳәм мәҳәлледе жәми 2 спорт майданшасы (“ворк-аут”)
ҳәм 7 дана балалар ойын майданшасы шөлкемлестириледи. Нәтийжеде 1487 халықтың спорт пенен шуғылланыўы ушын зәрүр шәраятлар жаратылады.
Үй-жай фондын раўажландырыў (2 млрд 35 млн сўм) бойынша 2 аўыл ҳәм мәҳәлледе жәми 240 жеке тәртиптеги
үй-жайларды оңлаў режелестирилип, аймақларға коммерциялық банк филиаллары бириктирилип, үйме- үй жүрип мағлыўматлар алынбақта.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2019-жыл 28-ноябрь күнги “Ипотека кредити механизмлерин жетилистириўге қаратылған қосымшаис-иләжлары ҳаққында”ғы ПФ-5886-санлы Пәрманы тийкарында район Бас көшеси бойынан “Қишлоқ қурилиш инвест” ИКның 5 қабатлы 30 квартиралы 2 дана турақ-жайлар ҳәмде жаңа тәртип шеңберинде исбилерменлер тәрепинен 5 қабатлы 30 квартиралы 1 дана турақ-жай курыў жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде 1 дана турақ-жайдың қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
Саўда, хызмет көрсетиў ҳәм басқа базар инфраструктурасын жақсылаў (860 млн сўм) шеңберинде 2 саўда орайы, 2 орында сервис хызмет көрсетиў шахабшасы ҳәм 2 басқа түрдеги объектлер қурылады ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады. Нәтийжеде, жаңадан жумыс орынлары жаратылып
12 пуқараның бәнтлиги тәмийнленеди.
Сондай-ақ, район аймағындағы “Майжап” каналының
10 километринен 30 километрине шекемги 20 километр аралығына 2019-2023-жылларда 18 млрд 168 млн. сўмлық реконструкция жумысларын алып барыў белгиленип, соннан 2021-жыл ушын
3,0 млрд лимит ажыратылып ҳәзирги кунде 90 пайыз жумыс көлеми орынланды.
Район орайынан өтиўши “Кегейли” магистрал каналының
2,5 км аралығын 2020-2023-жылларда 11 млрд 230 млн. сўмлық бетонлаў жумысларын алып барыў белгиленип, 2021-жыл ушын 2,5 млрд. сум лимит белгиленип 72 пайыз (1,8 млрд. сўм) жумыслар орынланды.
Район аймағынан өтиўши “Бес жап” каналының
24 км аралығына 2021-2022-жылларда 2 млрд. 576 млн сўмлық реконструкция жумысларын алып барыў белгиленип, ҳәзирги кунде 730 млн. сумлық қурылыс оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Жетиншиден, усы жылдың январь-июнь айларында
96 киши бизнес субъектти шөлкемлестирилип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў дәрежеси 113,4 пайызды қурады.
Сондай-ақ, 21 исбилерменлик субъектиниң жумыс ҳәрекети қайта тикленди. Усы жылдың жуўмағына шекем жәми
480 исбилерменлик субъектлери шөлкемлестириледи.
(Соннан: 250 киши бизнес субъектлери ҳәм 230 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери).
Жоқарыдағылар менен бир қатарда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў дәстүри тийкарында,
812 хожалықң жүритиўши субъектлерге жәми 18 млрд 725,7 млн сўмлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып берилди.
Салық түсимлери бойынша усы жылың январь-июнь айларында 22 млрд. 529,2 млн сўм түсим әмелге асырылып, реже 113,3 пайызға орынланды (январь-июнь айлары режеси 19 млрд. 878,4 млн сўм).
Сегизиншиден, – усы жылдың 6 айында Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен жәми 3770 пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленди.
Атап айтқанда 2021-жылға белгиленген дәстүр тийкарында 519 пуқара, субсидия ажыратыў есабынан 51 пуқара, Қытай тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда кооперация дүзиў арқалы 100 пуқара, мәкеме ҳәм кәрхана ҳәм шөлкемлер тийкарында
1163 пуқара, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында ўақтыншалық ис-ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда
1937 пуқарлардың бәнтлиги тәмийинленди.
- “Темир дафтари” бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында
“Темир дафтар”ге киритилген 1693 шаңарақтың дизими қәлиплестирилип Халық депутатлары район кеңеси тәрепинен додалаўға киритилип, тастыйықланған.
Усы жылдың 1-январь ҳалатына 1629 шаңарақлар Халық депутатлары район кеңесине киритилип “Темир дафтари”ден шығарылған. Бүгинги күнде 64 шаңарақларға материаллық жәрдемлер көрсетилип келинбекте. (Азық-аўқат, емлениў ушын дәри-дәрмақлар ҳәмде қаржылай материаллық жәрдемлер ушын жәми 582,7 млн сўмлық қәржетлер жумсалды).
– “Темир дәптери”, “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киритилген 151 жумыссыз пуқараларға өзин-өзи бәнт қылыў ушын 502,4 млн.сўм субсидия қаржылары ажыратылды.
- “Ҳаяллар дафтари” бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында
“Ҳаяллар дәптери”не киритилген 1350 ҳаял-қызлардың анықланған машқалалары түрлери бойынша анықлап алынды.
Бүгинги күнде Ҳаяллар дәптерине киритилген
1119 жумыссыз ҳаял қыздың бәнтлигин төмендеги жөнелислер арқалы тәмийинлеў режелестирилди.
-Жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы 373,
-Үй шәраятында тамарқа жерлеринен пайдаланыў арқалы 31,
-Кәсипке қайта оқытыў арқалы 154,
-Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы менен биргеликте бәнтлиги тәмийинленетуғын 561.
Бүгинги күн халатына ҳақ төленетуғын жәмийетшилик жумысларына 334 ҳаял-қыз тартылған болса, 89 ҳаял-қыз турақлы жумыс орынлары менен бәнтленди, 5 ҳаял-қызға жумыссызлық напақасы таярланды, 7 ҳаял-қызға Ҳалық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен теплица қурып берилип үй шараятында бәнтлиги тәмийинленсе, 104 ҳаял-қыз бийғәрез түрде бәнт етилди.
(Бүгинги күнде “Ҳаяллар дәптери”не киритилген жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў ушын жәми 121,1 млн сўм қәрежетлер жумсалды.)
Жыл жуўмағына шекм “Ҳаяллар дәптер”инде қалған 327 ҳаял қызлардың, 128 ҳаял қызлардың жаңадан шөлкемлестирилип атырған жип ийирип шығарыўы “Zang Tex” ЖШЖ кәрханасына турақлы жумыс орнына, қалған 199 ҳаял қызларды зәрүриятына қарай үй шараятында бәнтлигин тәмийинлеў ушын тигиў машиналары, электро печкалар, тамарқа жерлеринен өнимли пайдаланыўы ушын суў насосларын бериў, жеңиллетилген кредитлер ажыратыў арқалы бәнтлиги тәмийинленеди.
III. “Жаслар дафтари” бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында
Мәҳәллелерде өткерилген сораўнамалар нәтийжесинде
2491 жумыссыз ҳәм машқаласы бар болған жаслар анықланып, “Жаслар дәптери”не киритилди.
“Жаслар дәптери”не киритилген 2491 жастан ҳәзирги күнде бос жумыс орынларына, жер майданларын ажыратып бериў, жеӊиллетилген кредитлер, исбилерменлерге бириктириў, субсидиялар ажыратыў, айдаўшылық гуўалықларына оқытыў ҳәм социаллық жәрдемлер бериў арқалы 1628 жас (65,4 %) “Жаслар дәптери”нен шығарылди.
Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм өз исбилерменлигин баслаў нийетинде болған 285 жасларға 9 млрд 285 млн сўм жеӊиллетилген кредитлер ажыратып, 293 жаӊа жумыс орынлары жаратылды.
Жыл жуўмағына шекем “Жаслар дәптери”инде қалған
863 жаслардан 59 жаслар жаңадан шөлкемлестирилип атырған жип ийирип шығарыўы “Zang Tex” ЖШЖ кәрханасына турақлы жумыс орнына, қалған 804 жасларын өзин-өзи бәнт етиў, бос жумыс орынларына, айдаўшылық гүўаҳнамалар (права) алып бериў, субсидия арқалы тамарқа жерлеринен өнимли пайдаланыў ушын суў насосларын бериў, жеңиллетилген имтиёзли кредитлер ажыратыў арқалы жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди.
Алдымызда түрған ўазыйпалардың толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде ең биринши мениң басшылығымда ҳәм аймақтағы барлық жуўапкер басшылар менен пүткул биргеликте бар имканиятларымызды жумсаймыз деп Сизлерди исендиремиз.