1-июнь “Халықаралық балаларды қорғаў күни” мүнәсибети менен Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети басламасы
ҳәм де Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими сондай-ақ «FUTURE STAR» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Г.Ешмуратовалар менен биргеликте балалар ушын «Мода – балалар» таңлаӯына мирәт етеди.
Соны айрықша ескертип ѳтемиз таңлаў кишкене балалар ушын арналған болып, 4 жастан 7 жасқа шекемги балалар кийим кѳргизбеси менен қатнасады.
Таңлаў 2023-жыл 31-май күни «Азиза» ресторанында саат 15:00 болып ѳтеди.
Байланысыў ушын телефон номер : 99-575-88-13