Шымбай районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды.
Ҳүкимет қарарына муўапық қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланыўы белгиленген.
Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-кызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.
Усыныснама алыў ушын талабанлар төмендеги өлшемлердиң барлығына муўапық келиўи керек:
орта арнаўлы, яки профессионал билимлендириў бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
Усыныснама аламан дегенге шекем жоқары билим алмаған болыўы;
Орта арнаўлы, яки профессионал билим қәнигелиги бойынша кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болыўы.
Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен Шымбай районы шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң Исши топарларына мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
– Пуқаралық паспортын, яки ID картасын;
– Мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
– Орта арнаўлы, яки профессионал билим бойынша диплом.
-электрон мағлыўматнама (справка объективка)
Талабанлар тәрепинен усынылған арза ҳәм ҳүжжетлер район Исши топарлары тәрепинен орнатылған тәртипте 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў, яки усыныснама бериўди бийкар етиў ҳаққында шешим қабыл етиледи.
2022-2023-оқыў жылында усыныснама алған, бирақ жоқары оқыў орынларында студент болмаған ҳаял-қызлардың усыныснамалары 2023-2024-оқыў жылы ушын да әмел етеди.