Ҳүрметли пуқаралар
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Дийқан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматларын асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы қарарына тийкар, Шымбай районы аймағынан егислик жер майданларын аукцион арқалы алыўыңызға болады.
2023 жыл – ушын 379 гектар егин майданларын ашық электорон таңлаў арқалы ижараға бериледи.
Егин майданлары пуқараларға 30 жыл мүддетке бериледи:
суў тǝмийнаты болған жерлерден – 0,30 гектардан 2 гектарға шекем болған ѳлшемлерде;
кем суўлы жерлерден – 0,50 гектардан 2 гектарға шекем болған ѳлшемлерде ижараға бериледи;
«Темир дǝптер», «Ҳаяллар дǝптери» ҳǝм «Жаслар дǝптери»не киритилген пуқараларға дийқан хожалығы ушын жер таңлаў арқалы ижараға берилгенде, олар дǝптерден шығарылмайды ҳǝм олар ушын бǝрше жеңилликлер ҳǝмде преференциялар бир жылға сақланып қалынады.