Фермер хожалықлары дыққатына!
Пахта туқымгершилиги бирлеспеси 2023-жыл туқым пахта жетистириў ушын 2023-жыл
15-январь күнинен 05-февраль күни аралығында фермер хожалықлары арасында тендер тийкарында таңлаў өткерилетуғынлығын мәлимлейди:
Таңлаўға қатнасыў ушын жер балл бонитети жоқары зүрәәт жетистириў имканиятына ийе болған фермер хожалықлары таңлап алынады.
Таңлаўға қатнасыў ушын талабанлардан төмендеги ҳүжжетлер қабылланады:
- Жер балл бонитети ҳаққында контурлар бойынша мағлыўматы;
- Суў менен тәмийинлеўи контурлар бойынша мағлыўматы;
- Фермер хожалығында ислеўшилердиң қәнийгелиги ҳәм ис стажы ҳаққында мағлыўматы;
- Фермер хожалығы устав қорына төлеген пулының муғдары ҳаққында банк мағлыўматы;
- Фермер хожалықларының техникалары бойынша мағлыўматы;
- Фермер хожалықларының кейинги 3 жылда пахта жетистириў шәртнамасын орынлағанлығы хаққында районлық статистика бөлиминиң мағлыўматы;
- Фермер хожалығы майданында соңғы үш жыл даўамында 2020-2021-2022-жылларда кеселликлер, зыянкеслерге хәм жабайы шөплер күшли тарқалыўы күзетилди-күзетилмеди.
Таңлаўға қатнасыў ушын қосымша мағлыўматларды Пахта туқымгершилиги бирлеспесинен алыўыңызға болады.
Мәнзили: Шымбай районы Аўыл хожалығы бөлими
Ш.Рашидов көшеси 47 жай тел 61-444-32-17