Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларында газ өшеди

Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларында газ өшеди

04.11.2022 09:48:33 79 Баспаға шығарыў

«Ургенчтрансгаз» кәрханасының 2295-Д санлы телефонограммасына тийкарланып, Шымбай районында жайласқан «Шымбай» автоматластырылған газ бөлистириўши станциясында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы 4-ноябрь күни Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларындағы барлық түрдеги тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тохтатылады.
«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы оңлаў жумысларына байланыслы жеткизип атырған қолайсызлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сорайды, деп хабар бермекте «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» ГТФ Мәлимлеме хызмети.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content