Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында болды

23.09.2022 09:52:06 224 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районының социал-экономикалық жағдайы ҳәм аймақта алып барылып атырған кең көлемли дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары менен танысыў мақсетинде районда болды.

Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы район аймағында алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысыў мақсетинде бир қанша объектлерде болды. Соннан, “Марказобод” МПЖ аймағындағы 12-санли мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде алып барылып атырған реконструкция жумыслары, Төрткүл районы орайы ишимлик суў тармақлары ҳәм админстративлик лаборатория-диспетчерлик пунктин реконструкциялаў, “Шорахан” АПЖ аймағындағы 44-санлы мектеп имаратының реконструкция жумыслары менен жақыннан танысты ҳәм қурылыс жумысларының белгиленген режеден артта қалып атырғанлығын қатаң сынға алып, бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине қадағалаўға алыў, зәрүр жағдайда нызамлы шара көриў бойынша тапсырмалар берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районының белсендилери, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары сондай-ақ, барлық министрлик, шөлкем басшылары қатнасыўында мәжилис өткерди.

Мәжилисте бүгинги күнде республикамызда «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың жасаў шәраятын жақсылаў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў, күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды системалы түрде шешиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтип, бул бағдардағы жумыслар Төрткүл районында да буннан былайда даўам еттирилиўи кереклиги, сондай-ақ, аймақ халқын қыйнап киятырған машқалаларды шешиў жолында айырым басшылар тәрепинен немқурайдылық пенен қаралып атырғанын сынға алды.

Соның менен бирге районда бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўы ҳәмде ажыратылып атырған жеңиллетилген кредитлер мүтәж пуқараларға берилместен, мақсетсиз жумсалған жағдайлары да ушырасып атырғанлығы, мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржыларда бир қанша финанслық қәте-кемшиликлерге жол қойылғанлығы атап өтилди.

Өткерилген мәжилисте газ, суў тәмийнаты, электр энергиясы ҳәм ишки хожалық жолларды оңлаў, транспорт, социаллық қоллап-қуўатлаў тараўлары бойынша машқалалар халықтың кейпиятына унамсыз тәсир етип атырғанлығы ҳаққында сөз етилип, бул бағдарда тийисли тараў басшылары тәрепинен өз жумысына немқурайдылық пенен қаралып киятырғанлығы тиккелей халық наразылығына себеп болып атырғанлығын Жоқарғы Кеңес баслығы атап өтти.

Мәжилисте тийисли тараў басшылары қатаң ескертилип, өз нәўбетинде ушырасып атырған машқалалар бойынша тез арада шешим табыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content