Район аймағындағы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли автомототранспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳақкында

Район аймағындағы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли автомототранспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳақкында

21.05.2022 20:26:53 190 Баспаға шығарыў

 

«Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамының (Ўзбекистон Республикаси Олий Кенгашининг Ахборотномаси, 1993 й.,
9-сон, 320-модда) 6, 25-статьялары, «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы Нызамының (Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами, 2013 й., 15-сон, 197-модда) 17-статьясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 31-январь күнги 54-санлы  қарары менен тастыйықланған «Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Режесине (Ўзбекистон Республикаси қонун ҳужжатлари тўплами, 2003 й., 1-2-сон, 17-модда) Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 6-январь күнги
02-08/13-01/3-санлы мәжилис баянламасына муўапық райондағы транспорт қуралларының 2021-жылда мәжбүрий техникалық көриктен өткериўди шөлкемлестириў мақсетинде

ШЕШИМ ЕТЕМЕН:

 

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл
    6-январь күнги 02-08/13-01/3-санлы мәжилис баянламасы орынлаў
    ушын басшылыққа алынсын.
  2. Район аймағындағы мүлкшилик көринисине қарамастан юридикалық
    ҳәм физикалық шахсларға тийисли автомототранспорт қураллары
    ҳәм олардың тиркемелери белгиленген тәртипте мәжбүрий техникалық көриктен өткерилсин.
  3. Районда транспорт қуралларын техникалық көриктен өткериў төмендеги мүддетлерге муўапық белгиленсин:

а) коммерциялық тийкарында жолаўшылар тасыў
ушын пайдаланылатуғын жеңил автомобиллер, автобуслар ҳәм отыратуғын орынлар саны 8 ҳәм оннан артық болған (айдаўшының орнынан тысқары) адамларды турақлы тасыў ушын үскенеленген жүк автомобиллери, үлкен габаритли, аўыр салмақлы ҳәм қәўипли жүклерди тасыў ушын арнаўлы транспорт қураллары ҳәм олардың тиркемелери – бир жылда еки мәрте;

б) ислеп шығарылғанлығына бес жылдан көп болмаған (ислеп шығарылған жылыда киреди) транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – еки жылда бир мәрте;

в) ислеп шығарылған жылын есапқа алған жағдайда ислеп шығарылғанлығына бес жылдан артық болған транспорт
қураллары, сондай-ақ ислеп шығарылған ўақты анықланбаған транспорт қураллары (усы бәнттиң «а» киши бәнттинде көрсетилген транспорт қуралларынан тысқары) – бир жылда бир мәрте;

г) тиркемелер көрикке транспорт қуралы – тиркеўге алыў
ушын белгиленген мүддетлерде;

д) нәўбеттеги техникалық көриктен өткериўдиң алдын көрсетилген мүддетлерине қарамастан оларды Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети (кейинги орынларда МЖҲҚХ деп жүритиледи) органларында дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) ўақтында;

е) олар ислеп шығарылған жылына қарамастан МЖҲҚХ органларында дизимнен өткерилген (қайта дизимнен өткерилген) күннен баслап бир жыл өткен соң (усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген жағдайлардан тысқары).

  1. Усы қарардың 2-бәнти «а» киши бәнтинде көрсетилген транспорт қуралларының техникалық көриги:

биринши мәрте  – усы жылдың 1-март күнинен баслап 30-июнь күнине шекем;

екинши мәрте – усы жылдың 1-сентябрь күнинен баслап 31-октябрь күнине шекем өткерилсин;

Юридикалық шахсларға қараслы болған транспорт қуралларының техникалық көриги – усы жылдың 1-март күнинен баслап 30-июнь күнине шекем өткерилсин;

физикалық шахсларға тийисли болған автотранспорт қуралларының техникалық көриги – усы жылдың 1-январь күнинен баслап 31-август күнине шекем өткерилсин;

  1. Районда техникалық көрикти өткериў ушын дүзилген комиссия қурамы 1-қосымшаға муўапық, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға тийисли болған транспорт қуралларының белгиленген тәртипте 2021-жылғы мәжбүрий техникалық көриктен өткериў кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл
    31-январь күнги «Транспорт қуралларын мәжбүрий техникалық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы 54-санлы қарары 3-бәнти талапларынан келип шығып, районлық Қорғаныў ислери бөлими, Ишки ислер
    бөлими ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети әскерий бөлинмелери транспорт қураллары мәжбүрий техникалық көриклери өзлериниң жоқары турыўшы уйымларының қарары ҳәм ис-режеси тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылсын.
  3. Район ҳәкиминиң 2020-жыл 7-февраль күнги «Район аймағындағы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли автомототранспорт қураллары ҳәм тиркемелерин мәжбүрий техникалық көриктен өткериў ҳаққында»ғы 208-санлы шешими («Шымбай ҳаўазы» газетасының 2020-жыл 14-февраль күнги 3(8596)-саны) өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. Усы шешим «Шымбай ҳаўазы» газетасында жәриялансын
    ҳәм ҳәкимлик веб-сайтында жайластырылсын.
  5. Бул шешим рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
  6. Усы шешимниң орынланыўын қадағалаў район ҳәкиминиң орынбасары Б.Жуманиязовқа жүкленсин.

 

 

Шымбай районы ҳәкими                                        А.Тажетдинов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content