Шымбай районы жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў

Шымбай районы жергиликли бюджет қаржыларын жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаў

13.05.2022 13:11:51 300 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги “Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасын тәмийинлеў бойынша қосымша
ис-илажлар ҳаққында”ғы  ПҚ-5072-санлы қарарына муўапық, районлық жергиликли бюджетиниӊ тастыйықланған улыўмалық қәрежетлериниӊ 5 пайызы ҳәм де қосымша қаржылардыӊ 30 пайызы Шымбай районы ҳəкимлиги жанындағы «Пуқаралар белсендилиги» қорына бағдарланды.

«Пуқаралар белсендилиги» қорында бүгинги күнде  4 млрд. 185 млн. 930мыӊ сӯм қаржы жəмленгенлиги, соныӊ ишинде жыл басына қалдық  316 млн.
698,3 мыӊ сӯм, қала жергиликли бюджетиниӊ тастыйықланған улыўмалық қәрежетлериниӊ 5 проценти 1-басқышы ушын 3 млрд. 180 млн.432 мыӊ сўм, еркин қалдық қаржылары есабынан 350 млн. сӯм жəмленди.

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ 2022-жыл
16-февральдағы VI-33-11-13-192-K/22-санлы қарары менен тастыйықланған «Шымбай районы жергиликли бюджети қаржыларын Жəмийетшилик пикири тийкарында қəлиплестирилген илажларға бағдарлаӯ тəртиби ҳаққында»ғы режениӊ 18-бəнтине муӯапық, Жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў, баҳалаў, таңлап алыў ҳәмде орынланыўын мониторинг қылыў бойынша исши комиссияныӊ жуўмағы бойынша районымыз турғынлары тәрепинен жәми 586 усыныс келип түсип олар реже талапларына көре көрип шығылып даўыс бериў процесине 189 усыныс өткериў ушын қабыл етилди.

«Ашық бюджет» порталына жайластырылған ҳəм режениӊ 22-бәнтине муўапық жеӊимпаз деп табылған 8 усынысқа қаржыларды тийисли буйыртпашыларға ажырытыӯ бойынша мəнзилли дизим Халық депутатлары Шымбай районлық Кеӊесиниӊ 2022-жыл 30-апрель күнги “Шымбай районы ҳәкимлиги жанындағы «Пуқаралар белсендилиги» қоры қаржыларын жәмийетшилик пикирлер тийкарында қәлиплескен илажларға бағдарлаў ҳаққында”ғы VI-35-46-13-192-K/22-санлы қарары бойынша тастыйықланды.

 

Булар төмендегише:

 

1454 даўыс пенен (ID-0210400020) Шымбай районлық Бахытлы АПЖ аймағындағы Ақтѳгин аўылыныӊ 1,5 км ишки жолларын оӊлаў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 330 млн. сўм, Шымбай районлық Абаданластырыў басқармасы буйыртпашы шөлкеми етип белгиленди;

1425 даўыс пенен (ID-0210400579) Шымбай районлық Бахытлы АПЖ аймағындағы Пазылбек анна аўылы жолын оӊлаў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 660 млн. сўм, Шымбай районлық Абаданластырыў басқармасы буйыртпашы шөлкеми етип белгиленди;

1259 даўыс пенен (ID-0210400532) Шымбай районлық 14-санлы улыўма билим бериў мектеби спорт залын қайта ремонтлаў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы  950 млн. сўм, Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлими буйыртпашы шөлкеми етип белгиленди;

1221 даўыс пенен (ID-0210400546) Шымбай районлық Гулистан МПЖ аймағындағы Жақсылық кѳшесине қуўатлылығы күшли болған жаӊа трансформатор орнатыў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 650 млн. сўм,  Шымбай районлық Абаданластырыў басқармасы буйыртпашы шөлкеми етип белгиленди;

1212 даўыс пенен (ID-0210400010) Шымбай районлық Қаракѳл МПЖ аймағындағы ата журт кѳшесиниӊ 7,2 км ишки жолларын оӊлаў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 660 млн. сўм, Шымбай районлық Абаданластырыў басқармасы буйртпашы шөлкеми етип белгиленди;

1206 даўыс пенен (ID-0210400001) Шымбай районы Қаракѳл МПЖ аймағы Қ.Аўезов ҳәм Ата журт кѳшелерин тутастырыўшы жолға түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 350 млн. сўм, Шымбай районлық Абаданластырыў басқармасы буйртпашы шөлкеми етип белгиленди;

1191 даўыс пенен (ID-0210400067) Шымбай районы Қамысарық АПЖ аймағындағы Қамысарық каналын қазыў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 180 млн. сўм, Шымбай районлық Абаданластырыў басқармасы буйртпашы шөлкеми етип белгиленди;

975 даўыс пенен (ID-0210400476) Қызыл-ѳзек АПЖ аймағы Қоӊырат кѳшесиниӊ 500 метр жолын оӊлаў бойынша усынысы қаржыландырыў суммасы 110 млн. сўм, Шымбай районы Абаданластырыў басқармасы шөлкеми етип белгиленди;

 

Сондай-ақ Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 22-сентябрь күнги «Ашық бюджет» ахборот порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплескен иләжларды қаржыландырыўды жәнеде жетилистириў
ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-5250-санлы қарарына тийкар 2022-жыл 1-январьдан баслап район ҳәм қалалар бюджетлери параметрлериндеги ишки жолларды ремонтлаў ушын ажыратылатуғын қаржылардыӊ 50 пайызы «Ашық бюджет» ахборот порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында анықланған ишки жолларды ѳӊлаўға жѳнелтириўи белгиленген ҳәм сол менен бирге, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 2-февраль күнги 49-санлы қарарына тийкар «Район (қала)лар жергиликли бюджетлери параметрлериндеги аймақлық ишки хожалық жолларын оӊлаў ушын ажыратылған қаржыларды жәмийетшилик пикири тийкарында анықланған ишки хожалық жолларын оӊлаўға жѳнелтириў тәртиби ҳаққында» нызам тастыйықланды.

Тастыйықланған нызамға тийкар, усы жылда Ѳзбекстан Республикасы Финанс Министрлигиниӊ  «Ашық бюджет» ахборот порталы арқалы «Мениӊ жолым» дәстүри иске түсирилип, дәстүр шеӊберинде пуқаралардан қосымша кестеде корсетилген жәми 23 жойбар киритилди. Усы жойбарларды қоллап-қуўатлаған ҳалда пуқаралар тәрепинен 3 664 даўыс берилген.
Даўыс бериў басқышы жуўмағына кѳре, белгиленген тәртип тийкарында 0210500017 ID номерли менен «Кѳнши» МПЖ аймағындағы Кѳнши кѳшесиниӊ ишки жолы жеӊимпаз деп табылды. Жеӊимпаз деп табылған жойбарды орынлаў ушын қаржыландырыў суммасы 742 млн 500 мыӊ сўмды қурайды.
Усы себеп пенен усы жылы июль айында режелестирилген басламалы бюджет процесинде район турғынларын openbudget.uz мәлимлеме порталы арқалы жергиликли бюджет ҳәм қосымша дереклери есабынан қаламыз аймағындағы ең әҳмийетли ис-илажларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўыңызды сорап қаламыз.

Пайдалы ресурслар
Skip to content