Грипп тийкарынан ҳаўа тамшы жолы менен жуғады ҳәм иммунитети төмен, созылмалы кеселликлер менен кеселленген, кексе жастағы, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балаларда аўыррақ кешиўи гүзетиледи.
Егер кеселликтиң дәслепки белгилери сезилсе дәрҳал шыпакерге мүрәжәт етип, өз ўақтында емленсе аўыр асқыныўлардың алды алынады. Грипп пенен кеселленгенде өз ўақтында емленбеў яки кеселликти аяқта өткериў аўыр ақибетлерге алып келиўи мүмкин. Кеселликтен сакланыў ушын болса гүздиң салқын күнлеринде ҳаўа райына сай кийиниў, физикалық шынығыўлар ислеў, хананы таза ҳаўа менен самаллатып турыў, иммун системасын беккемлеп дурыс ҳәм витаминлерге бай болған азық-аўқатларды пайдаланыў әсиресе карантин қағыйдаларына бойсынып адамлар көп жыйналатуғын жерлерге бармай яки барыў зәрүр болғанда жуз нықапларынан ҳәм қол қаплардан пайдаланыў, уйге келгенде болса қолларды әлбетте сабынлап жуўыў керек.
Айтып өтиў керек грипп ҳәм басқа да бир қатар жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда медицина, улыўма билим бериў, мектепке шекемги билим бериў мәкемелеринде кең көлемде түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Қалаберсе, билим бериў мәкемелерине, емлеў профилактикалық мәкемелерине бул кеселлик қәўипинен сақланыў бойынша көрсетпелер, қолланбалар ҳәм плакатлар тарқатылмақта. Сондай-ақ, грипке қарсы шаншыў илажлары да өткерилмекте.
Республикамызда грипке қарсы емлеў илажлары өткерилиўине айрықша итибар берилмекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020 -жыл 26 августдағы тийисли қарары ҳәм Коронавирус кеселлигине қарсы гүресиў Республика арнаўлы комиссиясының 2021-жыл 25 -февралдағы жыйналыс баяны менен грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр асқыныўларын басынан өткериў қәўипи жоқары болған барлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияшылары, мектеп муғаллимлери ҳәм медицина хызметкерлерине гриппке қарсы бийпул емлеў илажларын әмелге асырыў белгиленген. Районымызға да грипп кеселлигине қарсы вакциналар алып келинип жәми 1150 медицина қәнийгелери, 3173 мектеп муғаллимлери, 1027 тәрбияшы, 360 созылмалы кеселлиги болғанлар ҳәм 193 Мүриүбет үйи бағылыўшылары шаншылды.
Ҳәр қандай кеселлик инсан саламатлығы ҳәм пәрәўан турмысына өз тәсирин көрсетеди. Сонлықтан да, денсаўлығымызға болған жуўапкершиликти сезинген ҳалда мәўсимий кеселликлерден сақланайық. Умытпаң, кеселликти емлегеннен көре, оның алдын алған абзал.
Шымбай районы Санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими.