Бүгин Шымбай районында 2022-жыл зүрәәти ушын гүзлик бийдай егисине таярлық көриў жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Ш. Тешаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары С.Хожаметов ҳәм район ҳәкими А.Тажетдинов, сектор баслықлары, фермерлер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы мекемелери басшылары қатнасты. Семинарда шығып сөйлеўшилер бийдай егисин тез күн ишинде сапалы етип егиў, келген суўдан үнемли пайдаланыў бүгинги күнниң әҳмийетли жумысларының бири екенлигине тоқтап өтти. Сондай-ақ бийдай егисине қатнасыўшы техникаларды мәўсимге таярлаў жумыслары оған қатнасыўшы механизаторларға қолайлы шараятлар жаратып бериў зәрүр екенликлерин атап өтти.