Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021- жыл 3- февралдағы Пәрманы тийкарында Шымбай районы медицина бирлеспесинде Кыстаӯлы тез жәрдем бөлими негизинде Районлар аралық қосымша жарақатланыӯ ҳәм жүрек қан-тамыр кеселлиги орайы шөлкемленстирилмекте, ҳәзирги күнде бул орайға ең соңғы заманагөй аппаратуралар алып келинбекте. Япония мәмлекетинде ислеп шығарылған видеогостраскоп, видеобронхоскоп ҳәм Қытай мәмлекетинен ЭКГ аппаратуралары бүгинги күнде иске тусирилип, халкымызға сапалы медициналық жәрдем көрестилип келмекте.