РЕСПУБЛИКАМЫЗДА ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ ИЛАЖИН ӨТКЕРИЎ БИЗГЕ НЕ БЕРЕДИ?

РЕСПУБЛИКАМЫЗДА ХАЛЫҚТЫ ДИЗИМГЕ АЛЫЎ ИЛАЖИН ӨТКЕРИЎ БИЗГЕ НЕ БЕРЕДИ?

05.08.2021 16:11:49 176 Баспаға шығарыў

Ҳәр қандай мәмлекеттиң тарийхы – бул, биринши нәўбетте, онда жасайтуғын халықтың тарийхы, халқының саны ҳәм қурамы, оның экономикалық ҳәм социяллық характерлеринде өз аңлатпасын табады. Халық саны бойынша анық ҳәм толық мағлыўматлар халықты дизимге алыў тийкарында алынады.

Халықты дизимге алыў илажин өткериў бизге не береди?

  1. Белгили бир сәнеде халықтың анық саны (жасы ҳәм жыныс қурамы, пуқаралығы, миллий қурамы, барлық елатлы пунктлер бойынша саны, шаңарақ жағдайы, мағлыўмат дәрежеси, үй-жай менен тәмийинленгенлик дәрежеси, мийнет ресурслары, экономикалық актив халық, халық бәнтлиги ҳәм жумыссызлығы, дәрамат алыў дереклери, нәгиранлығы) бойынша толық мағлыўмат алынады;
  2. Халық жан басына макроэкономикалық көрсеткишлерди есаплаўда (жалпы ишки өним, халық дәраматлары, санаат өними көлеми, тутыныў өнимлери көлеми, халыққа көрсетилетуғын хызметлер көлеми, аўыл хожалығы өнимлери) ислетиледи;
  3. Халық миграциясы ҳаққындағы мағлыўматлар сәўлеленеди.
  4. Республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық бәнтлиги, ҳаяллар ҳәм балалар саламатлығын жақсылаў ҳәм шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша дәстүрлерди мәнзилли ислеп шығыўда мағлыўмат ретинде пайдаланылады.
  5. Статистика мәкемелери тәрепинен шөлкемлестирилетуғын таңлама гүзетиўлерди шөлкемлестириўде мағлыўматлар базасы ретинде қолланылады.
  6. Миллий турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў көрсеткишлерин қәлиплестириў ҳәм мониторингин жүргизиўде хызмет етеди.
  7. Елатлы пунктлердиң инфраструктурасын жақсылаўда, мийнет ресурсларынан пайдаланыў ҳәм жайластырыў бойынша қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли прогнозлар, дәстүрлерди ислеп шығыўда пайдаланылады.
  8. Халықаралық шөлкемлер ҳәм пайдаланыўшылар тәрепинен әмелге асырылатуғын анализлер ушын кең көлемли мағлыўматлар дереги есапланады. Бундай мағлыўматлар социаллық-экономикалық процесслерди прогноз қылыў, бәнтлик тараўындағы сиясатты белгилеў, социал сиясат ҳәм халық саламатлығы бойынша дәстүрлерди ислеп шығыўда, соның менен бирге мәмлекетлик ҳәкимият органларының ўазыйпаларын орынлаўы, пән ҳәм жәмийетти мағлыўмат пенен тәмийинлеў ушын зәрүр болып табылады.

 

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ СТАТИСТИКА БӨЛИМИ.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content