Шымбай районы 6-санлы мектептиң 3-санлы филиалындағы мектеп атамасының жазыӯындағы қәте – кемшиликлерге рәсмий жуӯап

Шымбай районы 6-санлы мектептиң 3-санлы филиалындағы мектеп атамасының жазыӯындағы қәте – кемшиликлерге рәсмий жуӯап

02.08.2021 09:10:05 349 Баспаға шығарыў

Шымбай районлық Халық билимлендириў бѳлими, райондағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 2021-жыл 31-июльдеги 65-санлы хатына тийкарланып тѳмендегилерди мәлим етеди.

@qisqa_video телеграмм каналында жарияланған «Шымбай районында саўатсызлық» атамасындағы 6-санлы мектептиң 3-санлы филиалында мектеп атамасының жазылыўында(вывескасында) жиберилген қәте-кемшиликлер ҳақыйқатында да болған. Бул жазыў алдынғысы тозыўы жетиўине байланыслы усы жыл май исленген болып, филиал ислеўшилери ҳәм мектеп басшылары итибарсызлығы ақыбетинде қәтеси бола тура қыстырылған.

Жаз дәўиринде мектеп имаратын жаңа оқыў жылына таярлаў жумысларына  байланыслы жазыў 10 күн бурын алып тасланған, яғный кемшилик сапластырылған.

Бүгинги күнде мектеп безелиўинде  жазыўлар тилши муғаллимлер ҳәм басқа да қәнийгелердиң курамында исши  топар дузилип қайта кѳрилип атырғанын, алдағы ўақытларда бундай қәте-кемшиликлерге жол коймаўдың барлык илажлары кѳрилетуғынын билдиремиз.

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content