Жер – улыўмамиллий байлық

Жер – улыўмамиллий байлық

29.07.2021 16:28:40 79 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясында белгилеп қойылғанындай жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәмде басқа тәбийғый запаслар улыўмамиллий байлық болып, пуқараларымыз ҳәм юридик шахслар олардан ақылға уғрас пайдаланыўлары зәрүр.

Жер участкаларын ажыратыўдың бәрше ушын тең, ашық-айдын ҳәм базар принциплерине тийкарланған тәртибин енгизиў, жерге байланыслы мүлкий ҳәм ҳуқықый мүнәсебетлерде турақлылықты тәмийнлеў, жерлерди қорғаў, жер ийелериниң мүлкий ҳуқықларын кепилликли тәмийнлеў, сондай-ақ жердиң экономикалық қунын белгилеў арқалы оны пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардың объекти сыпатында еркин айланысқа киритиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 8 июньдағы санлы «Жер мүнәсебетлеринде теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийнлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен 2021 жыл 1 августтан баслап:

– жер участкалары жеке меншик секторға – мүлк ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында ажыратылыўы;

– жер участкалары мәмлекетлик шөлкемлерге турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылыўы белгиленип, мийрас қылып қалдырылатуғын өмирлик ийелик, турақлы ийелик, ўақтынша пайдаланыў ҳуқықы менен жер ажыратыў тәртиби бийкарланды; (бунда алдын ажыратылған жер участкаларына болған ҳуқықлар сақланып қалады)

– ижәраға алынған жер участкасындағы көшпес мүлк басқа шахсқа өткен жағдайда, жер участкасына ижәра ҳуқықы да жаңа мүлкдарға өтеди;

– аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер ашық электрон таңлаў арқалы тек ғана ижәра ҳуқықы тийкарында ажыратылады;

– аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлер мүлк ҳуқықы ҳәм ижәра ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализация қылынады;

– бәрше жағдайларда жер участкалары тек ғана бос турған ҳәм резервке алынған жерлерден ажыратылады; (әйне бир ҳүжжет пенен яки бир ўақытта жер участкасын алып қойыў, резервке алыў, басқа шахсқа ажыратыў жер бериў тәртибин бузыў есапанады)

– мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилик жойбарлары ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыўда жер участкалары мәмлекетлик шөлкемлерге турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылады; (бул жерлер жеке меншик шерик, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларына ижәраға берилиўи мүмкин)

– көп квартиралы үй жайласқан ҳәм оған тутас жер участкасы мүлкдарларға улыўма пайдаланыў ушын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратылады.

Пәрманға көре, 2021 жыл 1 августтен ҳәкимликлердиң жерге байланыслы төмендеги ўәкилликлери бийкарланады:

– жерди туўрыдан-туўры ажыратыў, пайдаланыўға бериў, резервлеў, бириктириў, абаданластырыў ушын бериў яки жерлерди басқаша жол менен бийлик етиў;

– район ҳәм қала ҳәкимликлери тәрепинен жерге болған ҳуқықларды белгилеў, бекитиў, өзгертиў, бийкарлаў;

– суўғарылатуғын жерлерди суўғарылмайтуғын жерлер тайпасына яки басқа жер тайпасына, суўғарылмайтуғын аўыл хожалығы жерлерин басқа жер тайпасына өткизиў;

– жәмаатлик бағшылығы, жүзимшилиги ҳәм палызшылығы ҳәмде жәрдемши аўыл хожалығын жүиртиў ушын жер бериў;

меншиклестирилетуғын жерге қарата инвестиция миннетлемелери яки жеке меншик мүлкти еркин бийлик етиўди шеклейтуғын басқа миннетлемелерди белгилеў.

2021 жыл 1 августтан нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген басқаша тәртипте жер участкаларын ажыратыўды нәзерде тутыўшы барлық тәртиплер ҳәм имтиязлар толық бийкарланады.

Тек ғана Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң айырым жағдайларда жер участкаларын туўрыдан-туўры ижәраға бериў ўәкиллиги сақланып қалады.

Жуўмақлап айтқанда бул Пәрман мәмлекетимизде жер менен байланыслы мүнәсебетлерде коррупцион жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы

 

                          Еркин Утениязов

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content