Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 27-сессиясы болып ɵтти

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги 27-сессиясы болып ɵтти

28.07.2021 16:59:15 278 Баспаға шығарыў

Сессия күн тәртибинде тɵмендеги мәселелер кɵрип шығылыды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Жуманов Муратбай Арепбаевич ҳәм район ҳәкими Тажетдинов Айбек Алтынбекович районлық Кеңес депутатлары, тийисли мекеме, кәрхана ҳәм шɵлкем басшылары қатнасты.

Районлық Кеңес сессиясында тɵмендеги мәселелер қарап шығылды.

Өзбекстан Республикаси Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.

Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы халық қабыллаўханасы, Бас ўәзири қабыллаўханасы ҳәмде район ҳәкимлигине келип түскен мүрәжатлар менен ислесиў ҳәмде атқарыў тәртибин беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.

Халықтың турмыс дәрежесин жәнеде жақсылаў, “Темир дәптери”не, “Ҳаяллар дәптери”не, “Жаслар дәптери”не киритилген пуқаралар менен алып барылып атырған жумыслар ҳәмде алда турған ўазыйпалар ҳаққында.

Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, инвестиция ҳәмде экспорт реже кɵрсеткишлериниң орынланыў ҳаққында.

Ɵзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң

30 жыллығы байрамына таярлық кɵриў ҳәмде шɵлкемлескенлик пенен ɵткериў ҳаққында.

Халық саламатлығын беккемлеў, халыққа сапалы медициналық хызмет кɵрсетиў ҳәмде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында.

Районлық мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 2021-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында.

Босаған орынларға Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары сайлаўын өткериў күнин белгилеў ҳаққында

Кун тәрбиндеги мәселелер бойынша тийисли тараў ўакиллеринин есвабатлары тыңланып билдирилген пикир ҳәм усыныслардан келип шығып тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content