Халықты дизимге алыў бағдарламасы

Халықты дизимге алыў бағдарламасы

21.05.2022 20:16:44 88 Баспаға шығарыў

Шахсқа тийисли мағлыўматларды жыйнаўды әмелге асыратуғын сораўлар дизими халықты дизимге алыў бағдарламасы есапланады.

Халықты дизимге алыў бағдарламасы төмендеги сораўларды өз ишине алады.

-фамилиясы, аты, әкесиниң аты;

-туўылған сәнеси ҳәм орны;

-жасы;

-жынысы;

-миллети;

-пуқаралығы;

-жасаў мәнзили;

-тиллерди билиўи;

-мағлыўматы;

-некелик ҳалаты;

-балаларының саны;

-үй хожалығы қурамы;

-үй-жай шараятлары;

-бәнтлиги;

-жасаў ушын дәрамат дереги;

-миграция.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкар, халықты дизимге алыў бағдарламасына қосымша рәўиште басқа сораўлар киргизилиўи мүмкин.

Жуўаплары мәмлекет сырларына ҳәм нызам менен кепилленетуғын басқа сырға байланыслы мәлимлемени өз ишине алыўы мүмкин болған, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәмде нызамлы мәплерин бузыўшы сораўлар киргизилиўине жол қойылмайды.

Дизимге алыў бетлериниң көринислери халықты дизимге алыў бағдарламасы тийкарында ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады.

Пайдалы ресурслар
Skip to content