Судлар ҳаққындағы Нызам

Судлар ҳаққындағы Нызам

31.07.2021 17:39:11 308 Баспаға шығарыў

Усы жылдың 28-июль күни 703-санлы «Судлар ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Нызамы Президент тәрепинен имзаланды.

Бул Нызамға кѳре, бәрше судларда ислер ашық кѳрилиўи, ислерди жабық суд мәжилисинде кѳрип шығыўға тек нызамда белгиленген жағдайларда жол қойылатуғынлығы, суд мәжилиси залында таяр болған шахслар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери суд мәжилиси залында нызамда белгиленген тәртипте фото сүўретке алыўы, видео ҳәм аудио жазыўды әмелге асырыўы мүмкинлиги, Ѳзбекстанда суд ислерин жүритиў ѳзбек тилинде, қарақалпақ тилинде яки белгили жайдағы кѳпшилик халық сѳйлесетуғын тилде алып барылатуғынлығы, әдил судлаўды әмелге асырыўда ҳәр бир кисиге тәжрийбели юридик жәрдем алыў ҳуқықы кепилленетуғынлығы, Жоқарғы суд тѳменги судлардың судлаў искерлиги үстинен қадағалаў алып барыў ҳуқықына ийе екенлиги, 35 жастан киши болмаған, пуқаралардың жасаў яки жумыс орнындағы жыйналыста ашық даўыс бериў жолы менен еки ярым жыл мүддетке сайланған Ѳзбекстан Республикасы пуқарасы ҳалық мәсләхатшиси болыўы мүмкинлиги, судья биринши мәрте 5 жыллық мүддетке, нәўбеттеги 10 жыллық мүддетке ҳәмде лаўазымында болыўдың мүддетсиз дәўирге белгиленген тәртипте сайланатуғынлығы яки тайынланатуғынлығы, Жоқарғы суд судьясы лаўазымында болыўдың ең жоқары жасы 70 жасты, басқа судлар судьялары ушын 65 жасты қурайтуғынлығы, үй жайға мүтәж болған судья жергиликли мәмлекетлик хәкимияты уйымлары тәрепинен Министрлер Кабинети белгилеген тәртипте суд жайласқан жерде хызмет турар жайы менен тәмийнленетуғынлығы, судья оған турақлы жасаў ушын белгиленген тәртипте турар жай берилгенге шекем турар жай ижәрасы (екилемши ижәрасы) менен байланыслы қәрежетлери компенсация қылыныўы ҳуқықына ийе екенлиги, ўәкилликлери мүддети тамамланған судьялардың орташа айлық ис ҳақы оларды жаңа ўәкилликлер мүддетине қайта сайлаў яки қайта тайынлаў ҳаққындағы мәселе шешилип атырылған дәўирде яки басқа жумыс берилгенге шекем, бирақ узағы менен үш айға шекем сақлап қалынатуғынлығы, судьяларға олардың ўәкилликлери мүддети тамамланғаннан кейин олар судьялық лаўазымына сайланыўға яки тайынлаўға шекем ийелеп турған алдынғы жумысы (лаўазымы) берилетуғынлығы, бундай жумыс (лаўазым) бар болмағанда болса алдынғысына тең басқа жумыс (лаўазым) берилетуғынлығы белгиленди.

 

Шымбай районлар аралық

Экономикалық суды баслығы                                           З.Бердимуратов

Пайдалы ресурслар
Skip to content