Өткерилип атырған қабыллаӯларда мүрәжатлар өз шешимин таӯмақта

Өткерилип атырған қабыллаӯларда мүрәжатлар өз шешимин таӯмақта

29.07.2021 18:23:29 225 Баспаға шығарыў

Ѳзбекстан Республикасы бантлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Хусанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министирлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов,район ҳәкими А.Тажетдиновлар Шымбай районында ѳткерилген кѳшпели қабыллаӯда жәми 12 физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳәр қыйлы мазмундағы жумыссызлық ҳәм де исбилерменлик субъектлери тәрепинен жеңиллетилген кредитлер берилиўде әмелий жәрдем бериў мазмунындағы мүрәжатларын қабыллап, орында үйренип шықты.
Қабыллаў нәтийжеси бойынша 3 пуқара райондағы Медицина бирлеспесине ѳз қәнийгеликлери бойынша жумысқа орналастырып бериў, 5 пуқара ис ҳақы тѳленетуғын жәмийетлик жумысларға жумысқа орналастырыў, 1 пуқара Мәденият бѳлимине режиссёр лаўазымына жумысқа орналастырыў, 1 пуқараға жумыссыз болғанлығы себепли жумыссызлық напақасын таярлаў, 1 пуқара районда талап жоқары болған тигиўшилик тарауы бойынша кәсипке қайта оқытыў, 1 пуқараға ѳз исбилерменлик жумысын кеңейтиў ушын банктен жеңиллетилген кредит бериў хәм олардың орынланыӯы бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content