Президент автомобильлердиң баҳасы бойынша өз пикирин билдирди

Президент автомобильлердиң баҳасы бойынша өз пикирин билдирди

16.03.2020 20:49:08 352 Баспаға шығарыў

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўда автомобильлердиң баҳасы арттырылғанына өз мүнәсибетин билдирди.

– Автосанаатымыздың басшылары машиналардың баҳасын арттырыўға қарар еткени адамлардың наразылығына себеп болды. Бул экономикалық жақтан керек шығар, бирақ ҳәзирги жағдайда дурыс емес. Биз халыққа жеңиллик жаратыўымыз лазым. Ҳәр бир қарарды жети мәрте емес, жетпис мәрте ойлаў зәрүр. Бәринен бурын халқымыздың сатып алыўшылық қәбилетин беккемлеў керек, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы базар экономикасына өтиў аўыр екенлиги, бирақ мәмлекетимиз  усы жолдан баратуғынын атап өтти.

 

ӨзА

Paydalı resurslar
Skip to content