Исбилерменлердиң мүрəжаты турақлы дыққат-итибарда

Исбилерменлердиң мүрəжаты турақлы дыққат-итибарда

16.03.2020 20:13:59 300 Баспаға шығарыў
Қанлыкөл районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасында, ҳәкимлик ўәкиллери, исбилерменликке көмеклесиў орайы, инвестициялар ҳәм саўда, әдиллик бөлимлери, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастр, банк ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймақлық уйымларынан ибарат исши топар тастыйықланған.

Исши топар шөлкемлестириўден мақсет:

исбилерменлик субъектлериниң, соннан, шет ел инвесторларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлеў;

исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди көрип шығыў ҳәм бюрократиялық, соннан, жер участкалары ҳәм имаратлар, кредитлер ажыратыў, руқсат бериўши ҳүжжетлерди алыў мәселелериндеги тосқынлықларды сапластырыў;

өз исбилерменлигин баслаў яки исбилерменлик искерлигине тосқынлық етип атырған машқалаларды орнында унамлы шешиў;

қабыллаўханаға келип түскен мүрəжатларды анализ етиў, усы тийкарда нызам ҳүжжетлерин жеделлестириў бойынша усыныс киритиў;

аймақлар кесиминде анықланған исбилерменликке тосқынлық етип атырған системалы машқалаларды анықлаў ҳəм сапластырыў.

Усы келтирилген принциплерге тийкар, Қанлыкөл районындағы Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы жумысларын нəтийжели шөлкемлестириў, анықланған машқалаларды анализ етиў бойынша исши топар ағзалары менен қабыллаў ҳəр күни шөлкемлестирилип келинбекте. Сондай қабыллаўлардан биринде төмендеги мүрәжатлар келип түсти.

“AKBAR BEK” фермер хожалығы жер майданларының изей суўларын кетириў, жердиң мелиоратив жағдайын жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ аймақтағы 3 фермер хожалығының жер майданларын инабатқа алған ҳалда, К-5 (7,2 км) коллекторын қазып бериўди жəрдем сорап мүрәжат етти.

Исши топар тəрепинен мүрəжат ийесине К-5 ишки хожалық коллекторын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февральдағы
03/1-4100-санлы мəжилис баянына тийкарланып, 2020-жыл Республика бюджети есабынан қазып тазалаў мақсетинде, смета проект өлшеў жумыслары алып барылды.

“Қосжап” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны, өнермент А.Сейдуллаев өнерментшиликтиң ағашқа безеў берип қайта ислеў түрин кеңейтиў мақсетинде, бизнес реже таярлаўда кенес сорап мүрәжат етти.

Исши топар тəрепинен өнермент А.Сейдуллаевқа өнерментшиликтиң ағашқа безеў берип қайта ислеў түрин кеңейтиў бойынша бизнес режесин ислеўде, тараў қәнигелери жәмлесип, әмелий тәризде жәрдем берди.

Қанлыкөл районындағы Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы тəрепинен, исбилерменлердиң, соннан, шет ел инвесторларының мүрəжатлары менен туўрыдан-туўры ислесиў, олардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўда ҳуқықый тәрептен жәрдем бериў, сондай-ақ, исбилерменлердиң искерликлеринде ушырасып атырған түрли бюрократиялық тосықларды сапластырыў илажларын көриў бойынша жумыслар турақлы түрде алып барылмақта.

Х.Таўмуратов,

Қанлыкөл районындағы Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы.

Foydali resurslar
Skip to content